#Үйде_қалыӊ СТУДЕНТ-ЖАСЛАР САҚАЎАТ НӘЗЕРИНЕН ШЕТТЕ ҚАЛМАДЫ

Президентимиз Шавкат Мирзияевтың: «Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекети – мәмлекетимиз ҳәм халқымыз қудиретиниң әмелий сәўлеси есапланады, – дегениндей кеңпейил ҳәм Ўатансүйгиш халқымыз тәрепинен бүгинги қыйын жағдайда өз сақаўаты ҳәм мийрим-шәпәәти менен көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, рамазан айы шарапаты менен де саўаплы әмеллердиң гүўасы болмақтамыз.

Мәмлекетимизде жәрияланған карантин дәўиринде жоқары оқыў орынлары студентлериниң искерликлерине ҳәм олардың жағдайына үлкен дыққат-итибар қаратылмақта.

Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шет тиллери факультети студентлери болған шет елли жаслардың ҳалынан хабар алыў мақсетинде факультеттиӊ бир қатар профессор-оқытыўшылары университет студентлер турар жайында болды.

Ол жерде студентлердиң карантин дәўириндеги ҳал-аўҳалы, шараятларынан хабар алынып, факультет жәмәәти тәрепинен әмелий жәрдем көрсетилди. Оларға күнделикли мүтәжликлери ушын азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.

Бул сақаўатлы илаждың түп-тийкарында, әлбетте, билим алыўға қуштар жаслардың ертеӊги айдын келешегин тәмийинлеўдей уллы мақсетлер жатыр.

Д.Бегдуллаева,

Шет тиллери факультети 1-курс студенти.

Пайдалы дереклер