Мениң Ўатаным-мениң мақтанышым (Тахтадағы темалар)

-Қәне, балалар, тахтада турған мына темаға бир әжайып шығарма жазың! -деди муғаллим. Оқыўшылар жазыўға киристи. Белгиленген ўақыт өз жуўмағына жетти…

-Қәне, балалар, тахтада турған қуралдың аты не?-деди терроршы. Олар излеўге киристи. Белгиленген ўақыт өз жуўмағына жетти…

…Шығарманы тексерип болған муғаллим балаларды марапатлады. Себеби, олар тапсырманы өз ўақтында орынлады. Олар үйине қайтты. Әлбетте, ата-анасының жанына…

…Қуралдың атын тапқан бала ғана үйине: ата-анасының жанына қайтты. Қалғанлары болса… Әттең, олар бул қуралдың атын айта алмады…

…Мен Ўатанымды сүйемен. Ўатанымды көз қарашығымдай асырайман. Ўатан мен ушын жалғыз. Дурыс, ўатанды сүйиў керек. Себеби, ол жалғыз. Бирақ та ядланды бул сөзлер бундай темаларға онша туўры келе бермейди.

Оны қәлб көзи менен жақсы көр. Сонда ғана ўатан ҳәм адам бир-бирине жақынласады. Мениң тилегим – ўатанымның тынышлығы. Ўатанның тынышлығы – бул инсанның бахты.

…Бир күни жасы үлкен  ақсақал адамнан сорадым:

-Дүньяда жақсылар көп пе ямаса жаманлар?

-Әлбетте, жақсы адамлар көп.

-Не ушын?

-Егер де жаманлар көп болғанда бул дүньяның тиреги тайған болар еди.

-Түсиникли, дедим де кеттим.

…Мениң жүрегиме ҳеш жайғаспайтуғын бир нәрсе: айырым кимселердиң өз ўатанын ҳәр қыйлы мақсетлер жолында пайдаланыўы. Ўатан түсиниги әпиўайы ойыншық зат емес. Ол сени бул дүньяға келтиреди. Сен оны емес! Соның ушын да ўатанға меҳир көзи менен қараўымыз керек. Дурыс,  темаға еле де тереңирек кире алмай атырман. Жоқарыда еки ўақыяны жазып едим. Бул не деп отырған болсаңыз, кишкене сабыр етиң.

Ҳәр бир адамның өз ўатаны болады. Сол ўатан тыныш болса, бул инсанның бахты. Егер ол жерде тынышсызлық болса, бул инсанның бахытсызлығы. Қудайға шүкир! Биз тыныш журтта жасап атырмыз. Мен усы елдиң кишкене перзентимен. Ўатаным мениң қолымнан қысып услап алған. Мен де оны жаздырмайман. Ўәде беремен. Бул сөзлерди және бир мәрте айтқым келеди: “Мениң ўатаным-мениң мақтанышым!”

…Мен сол күни сабақтан “5” баҳасын алған едим. Себеби, жазған шығармам муғаллимге унап қалған еди…

…Ол сол күни соралған қуралдың атын таўып жанын аман сақлап қалған еди… 

 

Көзиңди аш адамзат, 

Соқыр болмастан бурын.

Ўатаныңды асыра сен, 

Қолдан кетпестен бурын.

 

Ўатан, Ўатан дейсең-аў, 

Қәне Ўатан дегениң?!

Жаныңды бер, сөзде емес, 

Қәне жаның бергениң?!

 

Гүрриӊим усы жерде өз жуўмағына жетти. Мениң Ўатаным – бул Өзбекстан. Ол бизиң мақтанышымыз. Мың рет қай жерде туўыласаң десе, мен, әлбетте, усы жерде туўылар едим, деп жуўап бериўден шаршамайман! Сен не менен мақтаныш етесең десе, әлбетте, Ўатаным менен дер едим. Қайсы темада жазып көресең десе, әлбетте, Ўатан темасында дер едим…

Сан-санақсыз сораўлар, сан-санақсыз жуўаплар…

…Қолымдағы ручканың сыясы да таўсылды. Енди басқа сыя менен жазып көремен.

Маған ручка бериң! 

Дабылов Азизбек,

Қарақалпақ филологиясы ҳәм

журналистика факультети 1-курс студенти.

Пайдалы дереклер