ҚМУ ЖӘМӘӘТИНИӉ ҚАЙЫР-САҚАЎАТ ИСЛЕРИ

Бәршеӊизмизге мәлим, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жылдыӊ 20-апрель күни санаат, қурылыс ҳәм инфраструктура тармақлары кәрханаларының толық жумыс ислеўин тәмийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилисин өткерди.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў мәселесине айрықша тоқтап өтти. Ўақтынша жумыс ислемей атырған ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды анықлап, оларды мәнзилли түрде азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў көлемин және де кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентимиз бул мәжилисте халқымыздың тарийхый ҳәм руўхый қәдириятларын, мийрим-шәпәәт, ақыбет ҳәм жақсылық сыяқлы жоқары пазыйлетлерин есапқа алған ҳалда, «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў басламасын алға қойды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ жәмәәти де Президентимиздиӊ бул басламасын қоллап-қуўатлаған ҳалда жәрдемге мүтәж, жалғыс баслы, майып адамларға, кем тәмийинленген шаӊарақларға жәрдем қолын созып келмекте.

Усы жылдыӊ 4-май сәнесинде университет жәмәәти өзлерине бириктирилген «Айдын жол», « Ботоника бағы» МПЖларында болып, 20дан аслам мүтәж инсанларға ҳәм шаӊарақларға барып, азық-аўқат ҳәм ақшалай  қайыр-сақаўат жәрдемлерин берди.

Әлбетте, бундай қайыр-сақаўат илажлары даўам ете береди…

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер