«Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў басламасы  әмелге асырылмақта

Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы жылдыӊ 20-апрель күни санаат, қурылыс ҳәм инфраструктура тармақлары кәрханаларының толық жумыс ислеўин тәмийинлеў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилисинде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў мәселесине айрықша тоқтап өткен еди.

Президентимиз бул мәжилисте ўақтынша жумыс ислемей атырған ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды анықлап, оларды мәнзилли түрде азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў көлемин және де кеңейтиў зәрүрлиги ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, бул мәжилисте мәмлекетимиз басшысы  «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў басламасын алға қойды.

Буның нәтийжесинде мәмлекетимизде бүгинги қыйын жағдайда өз сақаўаты ҳәм мийрим-шәпәәти менен көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Мине, бул басламаны қоллап-қуатлаў мақсетинде бүгин университетимиздиӊ Қурылыс факультетиниӊ бир топар профессор-оқытыўшылары студентлер турар жайында болып, бул жердеги шет елли студент-жаслардыӊ жағдайларынан хабар алды. Ол жерде студентлердиң карантин дәўириндеги ҳал-аўҳалы, шараятларынан хабар алынып, факультет жәмәәти тәрепинен әмелий жәрдем көрсетилди. Оларға күнделикли мүтәжликлери ушын азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.

Әлбетте, бүгингидей сынаўлы күнлерде жәрдемге мүтәж инсанларға жақсылық етиў, қайыр-сақаўатлы ҳәм саўаплы ислерди ислеў – миллий қәдириятларымыздың тийкарғы белгиси болып есапланады.

Р.Пахратдинова,

Қурылыс факультети басланғыш ҳаял-қызлар шөлкеми жетекшиси.

Пайдалы дереклер