Қайырқомлық көрсетиў, сақыйлық сыяқлы ийгиликли илажлар кеўиллеримизге жыллылық бағышлап, басқаларға пайдамыздың тийип атырғанынан қуўанышқа бөленемиз. Әсиресе, бүгинги күндеги карантин ўақтында көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жылдың 20-апрель күни халқымыздың тарийхый ҳәм руўхый қәдириятларын, мийрим-шәпәәт, ақыбет ҳәм жақсылық сыяқлы жоқары пазыйлетлерин есапқа алған ҳалда «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў басламасын алға қойған еди.
Ҳүрметли Президентимиздиң алға сүрген басламасын қоллап-қуўатлаў мақсетинде университетимиздиӊ Дене мәденияты факультети жәмәәти өзлерине бириктирилген «Жипек жолы»МПЖда болып, социаллық қорғаўға мүтәж болған 7 кем тәмийинленген шаӊарақларға барып, азық-аўқат ҳәм ақшалай қайыр-сақаўат жәрдемлерин берди.
Өз гезегинде шаңарақ ийелери көрсетилип атырған ғамқорлықлардан кеўли толып, ҳүкимет басшылары ҳәм университет жәмәәтине өз миннетдаршылықларын билдирди.
Бундай қайыр-сақаўат жәрдемлерин көрсетиўдиң әйне мүбәрек Рамазан айында әмелге асырылыўы және де қайырлы болып табылады.
Н.Джанходжаев,
Дене мәденияты факультети жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.
