Ата-бабаларымыз «от бәлесинен, суў бәлесинен сақла» деп бийкардан-бийкарға айтпаған. «Тилсиз жаў» деп аталған тәбийий апатшылық – суў тасқынынан сардобалылар үлкен жәбир шекпекте. Деген менен, халқымыз әзел-әзелден ҳақ кеўил, кеңпейил болып, өз инсанийлық пазыйлетлери менен барлық ўақытта, ҳәрқандай жағдайда да бир-бирине ийин тиресип, қолынан келгенше ийгиликли ислерди әмелге асырып келген.
Журтымызда тосаттан жүз берген Сардоба кеўилсиз ўақыясы да халқымыз дыққат-итибары шеңберинен шетте қалмады. Өзбекстанның барлық мүйешинде жасап атырған жети жастан жетпис жасқа шекемги гүллән халқымыз бүгин бул аўыр жағдайды бастан кеширип атырған ўатанласларымыз тәғдирине бийпарық емес.
Бүгингидей сынаўлы күнлерде, бар имканиятынан келип шығып, жәрдем бериўге асығып Сырдәрья халқына колынан келген жәрдемин бериўге умтылып атырған меҳри дәрья, сақый инсанлар қатары көбейип атырғанлығына оғада куўанышлымыз.
Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың: «Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекети – мәмлекетимиз ҳәм халқымыз қүдиретиниң әмелий сәўлеси есапланады, – дегениндей ўатансүйгиш халқымыз бир-бирине өзиниң уллы пазыйлетлери менен үлги болмақта.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ҳаял-қызлар шөлкеми басламасы менен оқыў дәргайындағы қайыр-сақаўатлы ҳәм белсенди ҳаял-қызлар тәрепинен де үлкен ийгиликли ислер алып барылмақта. Сардобадағы ҳаял-қызларға күнделикли мүтәжликлери ушын қолдан келгенше руўхый ҳәм материаллық көмек берилмекте. Қалаберсе, Рамазан айында бундай сақаўатлы ислер менен үлкен саўапқа қол урмақта.
Сардобада жүз берген суў тасқыны себепли көплеген адамлар жәрдемге мүтәж. Усындай жағдайға бийпарық болмаған ҳалда ҚМУ Ҳаял-қызлар шөлкеми ағзалары ҳам де 15 факультеттиӊ ҳаял-қызлар шөлкемлери жетекшилери өзлериниӊ қәлеўи менен 10000 – 80000 сўмнан жыйнап ҳаял-қызлар ушын керекли болған гигиеналық нәрселер сатып алынды. Сондай –ақ, бул акцияға факультетлерден ҳаял профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-қызлар да өз жәрдемин берди. Жәми, 3 млн. 100 сўм есабында гигиена ушын керекли кир сабын, ийис сабын ҳәм де ҳаял-қызлар ушын зарүр болған буйымлар алынды.
Солардың арасында бул акцияға Шет тиллери, Өзбек филологиясы, Қурылыс, Физика, Қарақалпақ филологиясы ҳам журналистика Математика, Экономика, Архитектура ҳам Санаат технологиясы факультетлери ҳаял-қызлары ҳәм де студент-қызлары белсендилик пенен қатнасты. Буннан тысқары, ҳәр бир факультетлерден ҳеш ким бул акцияға бийпарық болмады ҳәм бундай акциямыз және де даўам етпекте!
Әлбетте, усындай бир-бирине мийирман, кеңпейил халқымыз бар екен, ҳәр қандай машқаланы да биргеликте, биймәлел жеңип өтемиз! Ҳәр кыйлы апат, қыйыншылықлар алдында ийилмеген адамгершилик, өз-ара меҳир-мириўбет деген уллы пазыйлетлеримиз бар екенлигине, кәдириятларымыз еле де кәдирленип атырғанына және бир мәрте шүкирлик етемиз.
Инжайым Сейтназарова,
ҚМУ Ҳаял-қызлар шөлкеми баслығы.