30-июнь – «Жаслар күни» ҳәм республикамызда июнь айы «Жаслар айлығы» деп жәрияланыўы мүнәсибети менен усы жылы 13-июнь күни жаслар менен ислесиў бойынша проректор ў.ў.а И.Жуманиязов басшылығында «Ўатанды қорғаў – әдиўли миннетимиз» атамасында онлайн илаж шөлкемлестирилди.
Илажды жаслар менен ислесиў бойынша проректор ў.ў.а И.Жуманиязов ашты ҳәм басқарып барды. Онлайн илажға Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы бөлими баслығы Қ.Юсупов, Арқа Батыс Әскерий Округи 21131 әскерий бөлими командириниң тәрбиялық ҳәм идеологиялық ислери бойынша орынбасары подполковник А.Базаров, Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми баслығы И.Сейтназарова, Арқа Батыс Әскерий Округи 21131 әскерий бөлими психологи Б.Мурадов, Арқа Батыс Әскерий Округи 21131 әскерий бөлими командириниң тәрбиялық ҳәм идеологиялық ислери бөлими баслығы, майор Д.Исройилов ҳәм усы әскерий бөлимниң мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған қатардағы әскер Д.Сайыповлар өзлериниң студент-жасларға улыўма инсаныйлық ҳәм миллий қәдириятларымызға ҳүрмет, Ўатанға садықлық темаларында баянатлары менен қатнасты.
Сондай-ақ, онлайн илажға университеттиң бир қатар зийрек студентлери яғный, Өзбек филологиясы 4-курс студенти Бердақ атындағы стипедия ийеси Д.Юсуфова, Юридика факультети 1-курс студенти «Умит ушқыны» көкирек белгиси ийеси А.Садуллаев, Қарақалпақ тили ҳәм журналистика факультети 4-курс студенти, «Мениң Ўатаным – мениң мақтанышым» атамасында өткерилген онлайн таңлаўдың 1-орын жеңимпазы А.Қосымбетовалар өзлериниң әжайып пикир усынысларын билдирип, Ўатан ҳаққында жазған қосықларын оқып берди.
П.Абдиразакова Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық хәм ағартыўшылық бөлими методисти
