Магистрлик Диссертация Жумысларының Қорғаўы Басланды

Жоқары оқыў орынларында магистрантларға билим бериўдиң тийкарғы мақсети тәжрийбели илимий-педагогикалық кадрларды таярлаўдан ибарат. Себеби, магистр терең билимге ийе, заманагөй информация технологияларын толық меңгерген ҳәм илимий-педагогикалық искерлик алып барыўға таяр болған қәниге есапланады.
Усы жылдың 22-июнь күни 2019-2020-оқыў жылында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура бѳлимин питкериўши магистрантлардың магистрлик диссертация жумысларын қорғаў басланды. «Қарақалпақ әдебияты», «Журналистика» ҳәм «Лингвистика: қарақалпақ тили» қәнигеликлери магистрантлары магистрлик диссертация жумысларын табыслы қорғап шықты.  Жақлаў жумысы карантин қағыйдаларына толық бойсынған ҳалда, онлайн түрде әмелге асырылды. Яғный, Zoom технологияси арқалы видеоконференцбайланыс формасында алып барылды.
Онда профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий басшылар аралықтан қатнасып, магистрантлардың диссертация жумысларына ѳз пикир-усынысларын билдирди.
Соны айрықша атап өтиў орынлы, быйыл Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин 24 қәнигелик бойынша 123 магистр (33 магистртант мамәмлекетлик грант, 90 магистртант шәртнама тийкарында) пиктерип шығады. ҚМУ магистрантларының диссертация жумысларын қорғаўлары еле даўам етеди.

Айшолпан Оразымбетова,
Журналистика қәнигелигиниң магистранты

Пайдалы дереклер