Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «30-июнь-Жаслар күни» байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикаси Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм университет талантлы студенлери, Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшилери қатнасында«ЖАҢА ӨЗБЕКСТАНДЫ ӘЛБЕТТЕ, ЖАСЛАР МЕНЕН БИРГЕ ҚУРАМЫЗ!» онлайн-анжуман болып өтти.
Әнжуманды университет ректоры, техника фанлари докторы, профессор А.Реймов шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын салтанатлы жағдайда қутлықлады ҳәм 27-июнь күни Ташкент қаласында «30-июнь-Жаслар күни» байрами мунәсибети менен өткерилген илажда «Өзбекстан белгиси» көкирек нышаны менен сыйлықланған университеттиң Дене мәденияты факультети 3-курс студенти Клара Дарменбаеваға ректорат атынан естелик саўға тапсырды.
Сондай-ақ, әнжуманда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети баслығы, Сенатор Б.Матмуратов, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты, илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети ағзасы М.Ибрагимов, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты, бюджет ҳәм салық реформалары комитети ағзасы Л.Сейтова, университет Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша Кеңеси баслығы И.Сейтназаровалар шығып сөйлеп, соңғы жыллары мәмлекетимизде жаслардың тәлим-тәрбиясына қаратылып атырған дыққат-итибар ҳәм олардың жетик билим, кәсип-өнер ийелеўи ушын Президентимиз, Өзбекстан Республикаси Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Өзбекистан Республикаси Нызамшылық палатасы тәрепинен шығарылып атырған пәрман, қарар ҳәм нызамлардың әҳмийети бойынша университет жасларына түсиниклер берди ҳәм жасларды бүгинги байрам менен қутлықлады.
Илажда университет жаслары атынан университеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша проректори ўазыйпасын атқарыўшы И.Жуманиязов, Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси Дәўран Абаданов, «Өзбекстан белгиси» көкирек нышаны ийеси Клара Дарменбаева, грек-рим гүреси бойынша жәҳән чемпионати жеңимпазы, Токио олимпиадаси жолламасы ийеси Жалғасбай Бердимуратов, «Зульфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлари университетнинг 1-курс магистранти Назокат Ибрагимова, өзбек филологияси студенти Назокат Шарипбаева, Президент стипендияси жеңимпазы, 1-курс магистранти Нурназар Пирназаров, «Үмит ушқыны» көкирек нышаны ийеси Артур Садуллаев, «Жыл студенти» таңлаўы жеңимпазы Атабек Рахимбаевлар шығып сөйлеп, өзлерине көрсетилип атырған жоқары итибар ҳәм ғамқорлық ушын Президентимиз ҳәм республика ҳүкиметине, илаж шөлкемлестириўшилерине өз миннетдаршылықларын билдирди.
Әдилбай Оразов,
Бердақ атындағы ҚМУ Баспасөз хаткери.
Сүўретлерде илаждан көринислер.
