ДИНИЙ-ЭКСТРЕМИЗМ ҲӘМ ТЕРРОРИЗМ НЫҚАБЫ АСТЫНДАҒЫ «РЕҢЛИ РЕВОЛЮЦИЯЛАР» СУВЕРЕН МӘМЛЕКЕТЛЕР УШЫН ҚӘӮИП СЫПАТЫНДА

Аннотация:   Өзбекстан Республикасы ғәрезсизликке ерисип дүньялық аўқам­дағы өзиниң орнын ийелеў ушын ҳәрекет ете баслаған биринши күннен баслап-ақ бул жолдағы қәўип-қәтерлерди ҳәм оларға қарсы гүресиў жолларын белгилеп алды. Бул қәўип-қәтерлердиң ең жер­кен­ишлиси терроризм ҳәм диний экстремизм екенлиги дурыс түси­нилди. Соның ушын да халық аралық терроризмге қарсы гүрес Өзбекстан Республи­касының миллий ғәрезсизлик стратегиясының үстинликке ийе бағдары сыпатында белгиленди. Биз тийкарғы итибарды тек елимиздеги емес, ал дүнъя жүзинде актуал машқала болған реӊли революцияларға қаратпақшымыз. Себеби, дүнъя бир система екен, ондағы болып атырған ҳәр бир өзгерис бизиӊ елимиз ушын да тийисли екенлигин умытпаўымыз керек.

Гилт сөзлер: терроризм, диний-экстремизм, жасырын қол, soft power, smart power , революциялар, салқын урыс, демократия, жаслар, идеалогия.

Annotasiya:   O’zbekiston Respublikasi mustaqillikka erishgandan song dunyo hamjamiyatida o’z ornini egallash uchun harakat eta boshlagan birinshi kundan boshlab, bu yo’ldagi havf-hatarlarni va ularga qarshi kurashish yo’llarini belgilab oldi. Bu havf hatarlarning eng jirkanchlisi terrorizm va diniy ekstremizm ekanligi tog’ri tushinildi. Shuning uchun ham xalqaro terrorizmga qarshi kurash O’zbekiston Respublikasining mustaqillik strategiyasining ustuvor yo’nalishi sifatida belgilandi. Biz asosiy e’tiborni faqat mamlakatimizdagi emas, balki dunyoda dolzarb muammo bo’lgan rangli inqiloblarga qaratmoqchimiz. Sababi, dunyo bir tizim ekan, undagi bo’layotgan har bir o’zgarish bizning davlatimiz uchun ham tegishli ekanligini unutmasligimiz kerak.

Kalit so’zlar: terrorizm, diniy-ekstremizm, yashirin qo’l, soft power, smart power, inqilob, salqin urush, demokratiya, yoshlar, mafkura.

Annotation: From the first days of independence, the Republic of Uzbekistan has been striving to take its place in the world community, identifying the dangers along the way and ways to combat them. It is well understood that the most heinous threats are terrorism and religious extremism. Therefore, the fight against international terrorism has been identified as a priority of the independence strategy of the Republic of Uzbekistan. We want to focus on color revolutions, which are a pressing problem not only in our country, but in the world. Because the world is a system, we must not forget that every change in it applies to our country.

Keywords: terrorism, religious extremism, secret hand, soft power, smart power, revolution, cold war, democracy, youth, ideology.

Аннотация: Республика Узбекистан с первых дней независимости стремится занять свое место в мировом сообществе, выявляя опасности на пути и пути борьбы с ними. Хорошо известно, что наиболее отвратительными угрозами являются терроризм и религиозный экстремизм. Поэтому борьба с международным терроризмом была определена в качестве приоритета стратегии независимости Республики Узбекистан. Мы хотим сосредоточиться на цветных революциях, которые являются насущной проблемой не только в нашей стране, но и в мире. Поскольку мир – это система, мы не должны забывать, что каждое ее изменение относится к нашей стране.

Ключевые слова: терроризм, религиозный экстремизм, тайная рука, мягкая сила (soft power), умная сила (smart power), революция, холодная война, демократия, молодежь, идеология.

 

Бизге белгили жәмийеттиң раӯажланыӯы бир тегис, тек алға бағдарланған процесс емес. Бул процессте жәмийет раӯажланыӯы тезлигин төменлетиӯге қаратылган, соның менен бирге белгили бир ӯақыт аралығында раӯажланыӯды басқа бағдарға бурыӯга есириилген ӯақыялардан да турады. Бул белги жәмийет раӯажланыӯының ҳазирги басқышында да көзге тасланады. Жәмийет «салықын урыс» келтирип шығарған терроризм ҳам диний экстремизмниң қәӯинен қутылғаны жоқ. Санаат өндирисиниң раӯажланыӯы менен келип шыққан экологиялық, демографиялық қәӯиплер алдынғы дәӯирлерден де күейип адамзатты катастрофа қәӯипин келтирип шығарды. Бул машқалалардың барлығы адамзат тәрепинен өзиниң руӯхыйлығында бирге ислесиӯге, ақыл тийкарында  қатнасықларды жолға қойыӯға тийкар болатуғын потенцалды табыӯды талап етпекте.

ХХI әcирде жәмийет турақлылығына қарсы қаратылган қәӯиплердиң бири  сыпатында  мәмлекетте сиясий ҳам кейиншелик социаллық турақлылығын истен шығарыӯға бағдарланған  массалық ғалаба қуралларында «реңли революциялар» атамасы менен белгиленген сиясий технологияларды көрсетиӯ мүмкин. Реңли революциялар биринши нәӯбетте сиясий ҳәкимиятты ийелеӯ ямаса сиясий турақсызлықты келтирип шығарыӯға бағдарланған искерлик сыпатында алып қарайтуғын болсақ бул қубылысты анализлеӯди ҳәзирги геосиясий жағдайды анализлеӯден баслаған мақул деп ойлаймыз.

Геосиясат бүгин пайда болган қубылыс емес. Тарийхтан белгили ири мәмлекетлер арасындағы урыслар тийкарынан шийки зат базалары ҳам елде артықша ислеп шығылған өнимлерди реализациялаӯ ушын алып барылғанлығын көриӯимизге болады. Шийки зат ресурсларының, саӯда жолларының өзгериӯи мәмлекетлик шегаралардың өзгериӯине, дүнья картасында еллердиң жоқ болыӯларына, жаңа мәмлекетлик бирлеспелердиң пайда болыӯына алып келди. Ири империялардың гүресине мысал етип 1945-1991-жылларда даӯам еткен «салқын урысты» мысал келтириӯ мүмкин. Қуралланыӯ жарысы, экономикалық блокада усылары менен биргеликте бул урыста қатнасқан еки тәреп те өзиниң жер жүзиндеги тәсирин күшейтиӯ мақсетинде еллердеги сиясий дүзимге қарсы сиясий күшлерди қоллап қуӯатлаӯ арқалы «социалистлик» ямаса «демократиялық» деп аталған революцияларға жәрдем берип отырды. Демек «реңли революциялар» деп аталатуғын қубылыслардың қәлиплесиӯ басламаларын сол дәӯирдиң өзинде көриӯимизге болады. «Салқын урыстың» тамамланыӯы дүньяда биполярлық тәртипти келтирип шығарады деген пикирлер қәте болып шықты. Ал бүгинги күнлердеги ӯақыялар көп полюслы  дүньяның қәлиплесиӯи хаққында айтыӯға еле ерте екенлигинен дерек береди. Ири мәмлекетлердиң дүнья жүзинде өз үстемлигин орнатыӯға урыныӯлары тоқтағаны жоқ. Бул қарама-қарслықларды тийкарғы жәбирди раӯажланып атырған еллер өз басынан кеширеди. Олар өзлериниң потенциаллары менен барқулла ири мәмлекетлердиң дыққаты астында болыӯы сөзсиз.

Геосиясий қарама-қарсылықларда тийкарғы қурал әскерий күш болыӯы ҳаққындағы ойлар ХХ әсирдеги ӯақыялар пущқа шығарды. Массалық қырғын қуралларының ислеп шығылыӯы бир тәрептен адамзатты қәяип астына қойғаны менен екинши тәрептен үлкен узаққа созылған урыслардың белгили дәрежеде елениӯине алып келди. Бирақ буның менен шийки зат ресурслары ҳәм таза базарлар ушын  гүрес тоқтамады. Тек ғана гүрес сапа жағынан жаңа басқышқа өтти деп атасақ болады. Елимиздиң бириши Президенти Ислам Каримовтың сөзи менен айтатуғын болсақ – «ендиги жағында гүрес инсан санасы ушын алып барылады». Идеологиялық қураллар, информациялық технологиялардың жетискенликлеринен пайдаланып алып барылатуғын ғәрезсиз мәмлекетлерге қарсы қаратылған топылыслар ретинде реңли технологияларды көрсетиӯ мүмкин.

   Реңли революция – бул, мәмлекетте жасалма қалиплестирилген турақсыз жағдайдан пайдаланып, мәмлекетлик аӯдарыспақ ямаса мәмлекетти сырттан басқарыӯды орнатыӯға қаратылған технология. Бунда ҳүкиметке басым жаслардың наразылық ҳәрекети сиясий шантаж сыпатында пайдаланылады.

Ҳар қандай реңли революцияның мақсети – мәмлекетлик аӯдарыспақты әмелге асырыӯ, яғный ҳакимиятты күш жәрдеминде қолға киритиӯ ҳам услап турыӯ.

Реңли революцияларды әмелге асрырыӯушын зәрүрли  шарт-шараятлары сыпатында мәмлекеттеги сиясий турақсызлық ҳам оннан келип шығатуғын өмир сүрип турған ҳакимияттың кризиси болыӯы тийис.. Егер мәмлекетте сиясий жағдай турақлы болса, онда ол турақсызлыққа келтирилиӯи тийис.

Реңли революциялардың өзгешелигин көрсетиӯши белгилери сыпатында төмендегилерди көрсетиӯ мүмкин:

Хәкимиятқа тәсир айрықша – сиясий шантаж формасында әмелге асырылады;

Ҳәкимиятқа тәсир көрсетиӯдиң тийкарғы қуралы сыпатында жаслар наразылық ҳарекети пайдаланылады.

Реңли революциялардың келип шығыӯ себеплери ҳаққында еки көз-қарас бар: биринши көз-қараста бул революциялар стихиялы түрде елдеги социаллық қарама-карсылықлар себепли «езилген» халықтың массалық наразылығы деп көрсетеди. Бундай себеплер сыпатында жарлылық, орнатылған тәртиплердиң ҳадден тыс басымынан наразылық, демократиялық өзгерислерге умтылыӯлар көрсетиледи.

Екинши көз-қарас революциялардың арнаӯлы шөлкемлестирилиӯин тийкарғы себеп деп көрсетеди. Реңли революциялар болып өткен еллердеги сиясий-экономикалық жағдайларды анализлейтуғын болсақ, барлық еллерде бирдей жағдай бақланбайды, социаллық себеплер реңли революциялардың жүзеге келиӯине өз тәсирин тийгизгени менен, олар бирден-бир себеп болды деп айта алмаймыз. Мәселен, «Араб бәҳәри» деген атама менен белгили реңли революциялар жүз берген Ливия, Тунис халықларының турмыс жағдайлары Европа еллери жағдайынан кем емес. 

Реңли революциялардың шөлкемлестиририлген деп есаплаӯшы көз-қарас бир қатар еллердеги массалық тәртипсизликлерде уқсаслыққа итибар қаратады. Усы уқсаслаққа тийкарланып, олар арнаӯлы сценарийлер тийкарында өткерилген деген жуӯмаққа келеди. Бул көз-қараста реңли революциялар АҚШ та ислеп шығылған «ақыллы күш» (англ. smart power) программасының бир көриниси деген пикр билдириледи. «Ақыллы күш» өзинде өзинде Дж.Най тәрепинен усыныс етилген «жумсақ күш» (англ. soft power) ҳәм әскерий ҳүжимлер ҳам экономикалық басымды аңлататуғын «қатты күштиң» билесиӯи деп көрсетсек болады. Дж.Най «жумсақ күш» жағымлылық ҳәм өз қәлеӯи бойынша бойсыныӯға бағдарлаӯшы ҳакимият усылы болып, ол ҳүкимранлықты күш жумсамаӯ, исендириӯ, тийкарынан үгит насиятлаӯ жоллары менен амелге асырыӯға шақырады. Дж.Най пикиринше мәмлекеттиң ҳалық-аралық майданда абрайын асырыӯ ушын, оның үстинлигин көрсетиӯши жетискенликлерин, мәдениятын тарқатыӯ арқалы ерисиӯге умтылыӯ үлкен нәтийжелерге алып келиӯи мүмкин. Бунда көбинесе әййемги Қытай философы Лао Цзы диң «дүньяда суӯдан нәзик, жумсақ нәрсе жоқ, бирақ ол ең қатты предметти де буза алады» деген пикирин келтиреди. Сонлықтан ири мәмлекетлер өзлериниң мәдениятын, турмыс тәризин дүнья жүзинде үгит нәсиятлаӯ бойынша актив ислер алып барады. Мәселен АҚШ пүткил дүньяда демократиялық принциплердиң символы сыпатында үгит-нәсиятланады. Сондай-ақ, Россия да, Қытай да өз тили ҳам мәдениятын тарқатыӯ бойынша ислер алып бармақта. Бирақ «жумсақ күш» позициясы нәтийже беретуғын болыӯы менен бирге ол узақ даӯам ететуғын процесс болып есапланады. Сонлықтан ҳалық аралық сиясатта тек «жумсақ күштен» пайдаланып қоймастан, оның кемшиликлерин «қатты күш» имканиятлары менен бирлестириӯ керек деген жуӯмақлар билдириледи. Мәселен АҚШ тың мәмлекетлик  секретары (сыртқы ислер министири) болып ислеген Ҳиллари Клинтон АҚШ өзиниң сырткы сиясатында «жумсақ күш» ҳәм «қатты күш» сиясатын бирлестирген «ақыллы күш» сиясатын басшылыққа алыӯы тийис деп көрсетеди. Бул көз-караста басшылыққа алынған идеялардың әмелге асыӯын биз реңли революциялардың уқсас сценарийлеринде көриӯимиз мүмкин. Реңли революциялар деп аталатуғын мәмлекетлик аӯдарыспаққа урыныӯларда төмендеги избе-изликти көриӯимиз мүмкин:

  1. Ҳәр қандай реңли революция дәслеп усы революцияның тийкарғы ҳарекетлендириӯши күши –наразылық ҳәрекетиниң шөлкемлестирилиӯи менен басланады. Бул наразылық ҳәркети тармақ (сет) көринисинде шөлкемлестирилген болып, өз санын тийкарынан жаслар менен толтырыӯға ҳарекет етиледи. Олар рәсмий күшлер менен гүресиӯ бойынша таярлықтан да өтеди;
  2. Бул ҳарекет шәртли сигнал бойынша ири қалалар көшелерине шығады. Сиганл сыпатында елде талықлаӯларды келтирип шыгаратуғын қалеген ири ӯақыя болыӯы мүмкин;
  3. Сигал болынғаннан кейин наразылық ҳарекети ағзалары халық арасына шығып паниканы келитирип шығарып стиҳиялы ҳарекетлерди басланыӯын тәмийнлейди;
  4. Ҳәрекет ағзалары стихиялы наразылықтың бир жерге топланыӯына ериседи. Халық топланыӯына тийкарынан қала орайындағы кең майдан таңланады. Кең майданға адамлардың топланыӯының психологияда аламан (толпа) эффектиниң келип ығыӯына алып келеди. Аламан санасызлығына тәсир көрсетиӯши технологиялардан пайдаланылып, ол программаластырылады;
  5. Аламан тәрепинен ҳүкиметке массалық тәртипсизликлер ямаса физикалық жоқ етиӯ қәӯипи менен байланыслы шәртлер ислеп шығылады.

Реңли революциялардың нәтийжеси сыпатында белгили бир лидерлердиң ҳәкимиятты ийелеӯи шәрт емес, ал елде турқсызлық ҳалатының келип шығыӯының өзи жеткиликли. «Басқарылатуғын хаос» технологиясы елдеги турқсыз ҳалаттың болыӯы оның сыртқы жәрдемге мүтәж етип қойыӯына бағдарлайды.

Реңли революциялардың мысалы сыпатанда төмендеги аянышлы ақыбетлерге алып келген төмендеги ӯақыяларды келтирсек болады

 

 

 

 

 

Революция

Мәмлекет

Басланыӯ ӯақты

Таӯсылған ӯақты

Қысқа

түсиндирме

 

Гвоздикалар Революциясы

 Португалия

25 апрелъ 1974

 «Капитанлар ҳәрекети» тәрепинен өткерилген аӯдарыспақ нәтийжесинде мәмлекетлик ҳакимият әскерлердиң ӯактынша ҳүкиметине өтти.

 

Сары революция

 Филиппин

22 февралъ 1986

25 февралъ 1986

Президент Фердинанд Маркостың хәкимиятының аӯдарылыӯына алып келдиа.

 

 Тяньаньмэнь майданындағы ӯақыялар

 Қытай Халық Республикасы

15 апрелъ 1989

4 июнъ 1989

Бас секретар Ху Яобаның тосаттан өлими елде үлкен студентлер ҳәрекетиниң басланыӯына түртки болды..

 

Бахмал (Бархатная) революция

 Чехословакия

17 ноябръ 1989

29 декабръ 1989

1939-жылы нацистлерге қарсы гүресте қурбан болган Яна Оплет атлы студенттиң ҳүрметине шөлкемлестирилеген студентлер ҳәрекети кейиншелик сиясий шақырықлар көринисиндеги тәртипсизликлерге айланып ҳүкиметтиң алмастырылыӯы менен жуӯмақланды.

 

Бульдозер революциясы

 Югославия

5 октябръ 2000

6 октябръ 2000

Президентлик сайлаӯлардың нәтийжелеринен наразылық пүкил елге тарқалып Слобадан Милошивичтиң отставкаға кетиӯи менен тамамланды.

 

Розалар Революциясы

 Грузия

2 ноябрь

2003

23 ноябрь

2003

Прзидентлик сайлаӯлардың жуӯмақлары бойынша наразылық Эдуард Шеварднадзениң отставкасы ҳәм оппозиция басшысы Михаил Саакашвили президентлик лаӯазымына өтырыӯы менен жуӯмақланды.

 

Оранжевая революция

 Украина

22 ноябръ 2004

23 январяъ 2005

Президентлик сайлаӯлар жуӯмағынан наразылық, қайта сайлаӯлардың өткерилиӯи ҳәм бул сайлаӯларда Виктор Ющенконың жеңип шығыӯы менен тамамланды

 

Пурпурная революция

 Ирак

Январь 2005

Америка-британ армиясы тәрепинен жаӯлап алынған Иракта жаңа ҳүкиметтиң орнатылыӯы

 

Лалалар

Революциясы

(Тюльпановая революция)

 Қырғызыстан

27 февралъ 2005

11 апрелъ 2005

Президентлик сайлаӯлар жуӯмағынан наразылық Асқар Акаевтың отставкасы ҳам оппозиция басшысы Қурманбек Бакиевтың Президентлик лаӯазымына отырыӯы менен жуӯмақланды

 

Кедр Революциясы

(Революция кедров)

 Ливан

14 февралъ 2005

27 апрелъ 2005

Мәмлекеттен Сирия әскерлериниң алып шығылыӯын талап еткен демонстрациялар ҳүкиметтиң өзгериӯи менен жуӯмақланды

 

Васильковая революция

 Белоруссия

19 мартъ 2006

25 март 2006

Президентлик сайлаӯ нәтийжелеринен наразылық сыпатында орйлық майданда палаткалар қурылып демонстрациялар шөлкемлестирилди. бирақ бул наразылық ҳәрекети нәтийжеге ериспеди

 

Шафран революциясы

 Мьянма

15 август 2007

26 сентябръ 2007

Елде жанылғының баҳасының кескин өсип кетиӯинен наразылықлар ҳүкиметтиң өзгертилиӯи менен жуӯмақланды

 

Сирен революциясы

 Молдавия

6 апрелъ 2009

12 апрелъ 2009

Парламент сайлаӯлары нәтийжесинен наразылық қайта сайлаӯлардың өткерилиӯи ҳам европаға бағдарланатуғын партияның жеңиси менен жуӯмақланды

 

Жасыл революция

 Иран

13 июнъ 2009

27 декабръ 2009

Президентлик сайлаӯлардан нааразылық ҳәрекети көплеген тәртипсизликлер менен жуӯмақланды

 

Қырғызыстындағы екинши революция

 Киргизия

6 апрелъ 2010

15 июнъ 2010

Биринши революция нәтийжесинде ҳакимиятқа келген Қурманбек Бакиев қашып кетиӯи ҳәм Ош қаласында миллетлер ара қанлы соқлығысыӯларды келтирип шығарды

 

Жасмин революциясы

 Тунис

18 декабръ 2010

14 февралъ 2011

Хүкиметке қарсы наразылық ҳарекети рәсмий ҳүкиметтиң өзгертилиӯи менен жуӯмақланды

 

Араб бәҳари

(Арабская весна) пуҳралық урыс

 Ливия

15 февралъ 2011

Ҳ,ў.

Сепаратислер тәрепинен басланған урыс АҚШтың елди бомбалаӯы, ел басшысы Муаммар Каддафидиң аламан тәрепинен жаӯызларша өлтирилиӯи ҳәм елеге шекем даӯам етип атырған пухаралық урысты келтирип шығарды

 

Лотос Революциясы

Революция лотоса

 Египет

25 январь 2011

11 февраль 2011

Ҳүкиметтиң алып барып атырған сиястына наразылық демонстрациялар қан төгиспелерге алып келди. Нәтийжеде президент Хусни Мубарек қамақа алында. 2012 сайлаӯларда мусулман бирадарлары партиясынан Мохаммед Мурси жеңиске ерисип президент етип сайланды. Кейиншелик елдеги әскерий штаб бас көтерип Мухаммад Мурси де қамалып жаңа президентлик сайлаӯлар өткерилип әскерий аӯдарыспақты шөлкемлестириӯге басшылық еткен генерал Абдул-Фаттах Халил Ас-Сиси сайланды

 

Украинадағы екинши революция

 Украина

21 ноябрь 2013

27 февраль 2014

Евроинтеграция тәрепдарларының наразылық демонстрациялары Киев қаласында қанлы соқлығысыӯларға айланып Президент В. Янукович елден қашып кетиӯге мәжбүр болады. Жаңа ҳүкимет дүзилип, Украина қубласында урыс ҳәрекетлери елеге шекем даӯам етпекте. Қырым Россия федерациясы қурамына қосып алынды

 

Жоқарыда көрип өткенлеримиз реңли революциялардың жәмийет турмысына үлкен қәӯипинен дерек береди. Сонлықтан мәмлекет бул қәӯиптиң келип шығына қарсы актив түрде гүрес алып барыӯы тийис. Бунда әмелге асырылатуғын ис-иләжларды үш топарға бөлип көрсетиӯ мүмкин:

Биринши топар ӯазыйпалар, наразылық ҳәрекетлериниң финанслық тәмийнлениӯ дереклерин излеп табыӯ ҳам оны өз ӯақтында тоқтатыӯ;

Екинши топар ӯазыйпалар сыпатында, наразылық ҳәрекетиниң социаллық базасы болған 18-35 жастағы ҳалықтың бөлегин мәмлекетке қарсы қаратылмаған жәмийетлик шөлкемлерге қамтылыӯына ерисиӯ. Бунда «жаслар ҳәрекети» шөлкеминиң елдиң турақлылығын тәмийнлеӯдеги ролин айрықша атап өтиӯ керек. Бирақ тилекке қарсы еле «жаслар ҳарекети» рәсмий шөлкем сыпатында ғана өз искерлигин алып бармақта;

Үшинши топар ӯазыйпалар жәмийетте топланған энергияны социаллық жарылыӯ түринде шығыӯының алдын алыӯ мақсетинде, өз қалеӯ ҳам эмоцияларын шығарылыӯын тәмийнлейтуғын ири массалық иләжларды шөлкемлестириӯди көрсетиӯ мүмкин.

 

Пайдаланылған әдебиятлар:

  1. Joseph Nye “Security and Smart Power” 2008.
  2. Переяшкин .А.В “Религиозный фактор в современной мировой политике” диссерт, Пятигорск-2015
  3. Sprinzak, E. Fundamentalism, ultranationalism, and political culture: the case of the Israeli radical right / E. Sprinzak // Political Culture and Democracy in Developing Countries / L. Diamond (ed.). – Boulder, CO and London: Lynne Rienner, 1993.
  4. Беликова, Е.О. Нестерова А.Г. Тенденции развития современной государственной вероисповедной политики: региональный аспект [Текст] / Е.О. Беликова, А.Г. Нестерова // Вестник ВолГУ. Серия 9. Вып.5. – Волгоград: ВГУ, 2006. – С.29-33
  5. Brown, Chris (2013) ‘Human nature’, science and international political theory // Journal of International Relations and Development [Text] / C. Brown. – 2013. – № 16 (4). – P. 435-454
  6. Clinton, H. Use «Smart Power» In Diplomacy // CBS News (13 января 2009).– Available at: URL: http://www.cbsnews.com/news/clinton-use-smart-power-indiplomacy/ (Accessed 29January 2011).

 

Пайдалы дереклер