КОРРУПЦИЯНЫҢ АЛДЫН АЛЫЎҒА БАҒЫШЛАНДЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Билимлендириў системасында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың келип шығыўына имкан берип атырған себеп ҳәм шараятларды сапластырыў мақсетинде университет профессор-оқытыўшылар ҳәм техникалық хызметкерлер арасында профилактикалық ислерин алып барыў бойынша «Коррупциясыз Тәлим» атамасындағы онлайн семинар болып өтти.

Оған университет ректораты, тарийх, география факультетлери профессор-оқытыўшылары менен бирге Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасының жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

Семинарды университет ректоры А.Реймов кирис сөз бенен ашып берип, «Билимлендириў системасында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша университет басшы хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшыларының алдында турған ўазыйпалар ҳаққында кең түрде айтып өтти. Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамшылық, суд-ҳуқық  ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитети баслығы З.Реймова, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы орынбасары, әдиллик мәсләҳәтшиси О.Ибрагимов, Юридика факультети «Ҳуқықтаныў» кафедрасы үлкен оқытыўшысы Д.Сапаровлар шығып, коррупция ҳәм оның жәмийетимиз турмысына унамсыз тәсирлери, елимизде соңғы жыллары Президентимиз ҳәм Олий Мажлис Сенаты тәрепинен бул иллеттиң алдын алыў бойынша нызамшылығымызға киргизилип атырған соңғы өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққында семинар қатнасыўшыларына кең түрде түсиниклер берди.

Сондай-ақ, семинарда география кафедрасы оқытыўшысы, профессор Р.Балуиева, социаллық пәнлер кафедрасы доценти М.Мақсетовалар да шығып сөйлеп, бул иллеттиң халқымыз арасында кең тарқалыўының алдын алыў бойынша өткерилиўи тийис илажларға өз пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.

Алдағы ўақытлары бул атамадағы семинарлар университеттиң барлық факультетлеринде болып өтеди.

 

Пайдалы дереклер