8-июль күни университет профессор-оқытыўшылары ҳәм техникалық хызметкерлери арасында Билимлендириў системасында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың келип шығыўына себепши болып атырған жағдайларды сапластырыў ҳәм бул бойынша профилактикалық жумысларын алып барыў бойынша «Коррупциясыз тәлим» атамасындағы онлайн семинар болып өтти.
Оған Өзбек филологиясы, Дене мәденияты факультетлериниң декан ҳәм декан орынбасарлары, профессор-оқытыўшылары ҳәм хызметкерлери қатнасты.
Семинарда «Билимлендириў системасында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша университет басшы хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшылар алдында турған ўазыйпалар ҳаққында» университет ректоры А. Реймов кең түрде шығып сөйлеп, хызметкерлерге қатаң жуўапкершиликлер жүкледи.
Буннан соң Юридика факультети «Ҳуқықтаныў» кафедрасы үлкен оқытыўшысы Д. Сапаров, Мухаммад Ал Беруний атындағы орта арнаўлы Ислам билим дәргайы оқытыўшысы А.Якубовлар шығып сөйлеп коррупция ҳәм оның ақыбетлери ҳаққында жыйналғанларға кең түсиниклер берди.
Соңынан илаж қатнасыўшыларына коррупцияның алдын алыўға қаратылған видеоролик қойып берилип, бул қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды.
Усы атамадағы семинарлар университеттиң барлық факультетлеринде болып өтпекте.
А.Оразов.
ҚМУ Баспасөз хаткери.
