ҚӘЎИПЛИ ИЛЛЕТТИҢ АЛДЫН АЛЫЎҒА АРНАЛДЫ

Билимлендириў системасында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың келип шығып атырғаны бүгин бизиң көпшилигимизди тәшўишке салмақта. Сонлықтан жәмийетимиздиң ертеңги келешеги ушын қәўип туўдыратуғын бул иллеттиң алдын алыў бизиң бәршемиздиң әдиўли ўазыйпамыз болып табылады.

Университеттиң Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика, Физика факультетлери  профессор-оқытыўшылары ҳәм техникалық хызметкерлер арасында өткерилген «Коррупциясыз тәлим»атамасындағы онлайн семинарда усы мәселелер кең түрде сөз етилди.

Онда Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А. Реймов,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң Нызамшылық, суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитет баслығы З.Реймова, Юридика факультети «Ҳуқықтаныў» кафедрасы ассистенти Т.Алиев, университеттиң үлкен юрист мәсләхәтшиси А.Баймуратовлар Билимлендириў системасында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша университет басшы хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшылар алдында турған ўазыйпалар ҳаққында кең түрде айтып өтти.

Семинарда филология илимлериниң докторлары, профессор Ш.Абдиназимов ҳәм Қ.Оразымбетовлар шығып сөйлеп, өз кәсиплеслерин бул иллеттен аўлақ болыўға шақырды.

Сондай-ақ, илажда коррупцияға байланыслы роликлер қойып берилип бул илаж қатнасыўшыларында үлкен тәсир қалдырды.

 

 ҚМУ БАСПАСӨЗ ХЫЗМЕТИ

 

 

Пайдалы дереклер