Ҳаял-қызларды улығлаў, оларға шаңарақтың уйытқысы, келешек әўладтың тәрбияшысы, миллет даўамшысы сыпатында ҳүрмет көрсетиў әзелден бар қәдриятларымыздан бири болып табылады.
Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Ҳаял-қызлар Кеңеси тәрепинен «Университеттиң ең үлгили Ҳаял-қызлар кеңеси жетекшиси» таңлаўы өткерилди. Онда 15 факультеттиң ҳаял-қызлар кеңеслери жетекшилери қатнасты.
Бул таңлаўда қатнасыўшылар өткен оқыў жылы даўамында өз факультетлеринде студент-қызлар, ҳаял профессор-оқытыўшылар менен техникалық хызметкерлер арасында жыллық реже бойынша алып барған системалы жумысларын таныстырып, тийисли бағдарлар бойынша таярланған ҳүжжетлерин усынды.
Президентимиздиң «Жәмийетте социаллық-мәнаўий орталықты жақсылаў, мәҳәлле институтын және де қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы, сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Қарары тийкарында Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети сапластырылып, Өзбекстан Республикасы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги шөлкемлестирилди. Елимизде ҳаял-қызларды социаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў, бул бағдардағы нызам ҳүжжетлерин әмелиятқа енгизиў мақсетинде Жоқары оқыў орынларында ҳаял-қызлар мәселелери бойынша кеңеслери дүзилди. Олар ҳаял-қызларға болған итибарды күшейтиў, шаңарақта ҳәм жәмийетте саламат руўхый орталықты қәлиплестириў, қызларды миллий қәдириятларымызға ҳүрмет ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, ерте некелер менен ажырасыўлардың алдын алыў сыяқлы әҳмийетли бағдарлар бойынша салмақлы нәтийжелерге ерисиўде әҳмийетли болып табылады.
Таңлаў жуўмағында университеттиң «Химия технологиясы» факультетиниң ҳаял-қызлар кеңеси баслығы Р.Калимбетова биринши, «Қурылыс» факультети ҳаял-қызлар кеңеси баслығы Р.Пахратдинова екинши, «Шет тиллери» факультетиниң ҳаял-қызлар кеңеси баслығы М.Аметова үшинши орынға ылайық деп табылды. Жеңимпазларға диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Инжайым Сейтназарова
ҚМУ ректорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси.
