Китап- сондай сыйқырлы нәрсе,ол сизди жылжытпастан узақ үлкелер, өтмиш, бүгин ҳәм келешекке қарай ой-қыялларыңыз арқалы саяхат еттиреди.
Университетимиздиң » Китапқұмарлар»клубы карантин ўақтындада өз ислерин тоқтатқаны жоқ. Телеграмм каналында онлайн жұмысына қосымша Арқа-Батыс әскерий округының әскерлерине китапқұмарлықты үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Инсан руўхыятын раўажландырыўда китаптың тұтқан орны» атлы Zоом арқалы сәўбетлесиў өткерди. Сәўбетлесиўди әскерий окург китапханашысы У. Жиемуратова алып барды.
Онда «Китапқұмарлар» клубы баслығы Р. Қалмурзаева «Инсаният руўхыятын раўажландырыўда китаптың тұтқан орны» ҳаққында әскерлерге кеңнен тусиник берип өтти, клуб жетекшиси А. Жиенбаева китаплар ҳәмде китапқұмарлар клубы ҳаққында мағлыўматлар берип өтти.
Сәўбетлесиў соңында әскерлер китап ,китапқұмарлық хаққында өзлери қызыққан сораўларға жуўаплар алды. Сондай-ақ, сәўбетлесиўге Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ресурс орайы бөлим баслығы Ж. Тлеубаевада қатнасып өз пикирлерин билдирди.
