Қурбан ҳайыт байрамы халқымыз арасында кең түсиник ҳәм терең мазмунға ийе. Меҳир-мириўбетке, саўаплы ислер етип жасаў, тынышлықты қәдирлеў сыяқлы уллы пазыйлетлерди өз ишине жәмлеген Қурбан ҳайыт байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректораты ҳәм Кәсиплик аўқамы тәрепинен қайыр сақаўатлы ислер әмелге асырылды.
Яғный, усы 31-июль күни университет студентлер турар жайында жасап атырған Түркменстанлы жәми 126 студентке университет ректоры А.Реймов басшылығында университет жәмәәти кеңеси, шөлкемлери ҳәм проректорлар қатнасыўында ташкентше палаў писирилип студентлерге тарқатылды. Сондай-ақ, сол күни университеттиң бир қатар профессор-оқытыўшылары, хызметкерлери ҳәм студентлерге жәми он бир миллион сумлық қаржы ажыратылып, ун ҳәм ас майы тарқатылып берилди.
Қайыр сақаўатлылық, бир-биреўге меҳир-мириўбетли болып жасаў ҳәр бир инсанның ең уллы пазыйлетлериниң бири. Бул арқалы аўызбиршилигимиз, орталығымыз және де беккемленип барады.
П.Абидиразакова Жаслар менен ислесиў,
руўхыйлық хәм ағартыўшылық бөлими методисти