2020-жыл 4-август күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши PhD.03/30.12.2019.B.20.04 санлы Илимий Кеңес жанындағы Илимий семинардың дәслепки онлайн мәжилиси болып өтти.
Илимий семинарға Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры проф. А.Реймов ҳәм Илимий кеӊес баслығы проф. М.Жуманов қатнасты. Олар Илимий семинар жумысына табыслар тиледи.
Мәжилисте еки мәселе додаланды. 1. Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы үлкен оқытыўшысы Кощанов Даўлетбай Ережеповичтың «Әмиўдәрьяныӊ тѳменги ағымы суў бассейнлериндеги балық шабақларыныӊ азықланыўы» атамасындағы 03.00.06 – Зоология қәнигелигинен биология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған диссертация жумысы. 2. Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасының III басқыш таяныш докторанты Бегжанов Муратбай Қуралбаевичтың “Ферғана ойпатлығы туўрықанатлы (Insecta: Orthoptera) насекомалары фаунаси ҳәм экологиясы” атамасындағы 03.00.06 – Зоология қәнигелигинен биология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған диссертация жумысы.
Илимий семинар соңында 03.00.06 – Зоология қәнигелигинен биология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған бул диссертация жумыслары ЖАК ныӊ талапларына жуўап береди деп табылды ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши PhD.03/30.12.2019.B.20.04 санлы Илимий Кеңесте жақлаў ушын усыныс етилди.
Аметов Я.И.
ҚМУ, Биология факультети деканы,
Илимий семинар баслығы,
биология илимлери докторы
