Усы жылдың 11-август санесинде республикамыздағы барлық жоқары ҳам орта арнаўлы оқыў орынларынын ректорлары, профессор окытыушылары, директорлары жаңа оқыў жылында болып өтетуғын тийкарғы өзгерислер ҳәм машқалаларға арналған шешимлер хаккында видео-сәўбетлесиў жыйналысын шөлкемлестирди. Онда журтымыздағы барлық оқыў орынларының ректорлары, оқытыўшылары, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм районлық бөлимлери, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты Мухтар Ибрагимовлар қатнасты. Бул видео-сәўбетлесиўге қатнасып атырған барлық окыў орынларының басшылары, профессор-оқытыўшыларынан жаңа оқыў жылында алдағы ўақытта ушырасатуғын тийкарғы машқалаға қандай шешим көрилип атырғанлығы ҳәм кредит-модул системасы ҳаққында өз-ара сәўбетлести.
– Сыр емес, пандемия дүнья жүзиниң барлық тараўларына, соның ишинде билимлендириў тараўына өзиниң кери тәсирин көрсетти. Айтайық, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер еле толық таяр болмай турып аралықтан окыў системасына өтти. Лекин бул бир тәрептен муғаллимлерге илимий жумыслар менен көбирек шуғылланыўына имкан да жаратты,-дейди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты М.Ибрагимов. – Жаңа оқыў жылында барлық оқытыўшылар ҳәр жылғыдан да өз пәнине өзгеше қатнас жасаўы керек. Оқыў жылын енди баслайтуғын 1-курс студентлери ушын жаңа кредит-модул системасын енгизип атырмыз. Сонлықтан, муғаллимлер бул системаға пухта таярланыўлары керек.
ҚМУ ректоры А.Реймов өз сөзинде, жана оқыў жылына муғаллимлер менен интернет тармақлары арқалы тығыз байланысып турғанлығы, алдағы ўазыйпалар ҳаққында тоқтап өтти. Пандемия себепли көпшилик шаңарақлар қаржы мәселесинен қыйналды, -дейди ҚМУ ректоры А.Реймов. Студентлерге ҳәм ата-аналарға еле де қолайлық жаратыў мақсетинде, жана оқыў жылына төленетуғын контракт процентлери ҳәм төлемлер мүддетлери узайттырылыўы ҳаққында айтып өтти.
Қарақалпақ мәмлекетлик медицина институты ректоры О.Атаниязова аралықтан окыў системасында әсиресе, узақ районларда жасаўшы студентлер ушын интернет тармағын жеделлестриў бойынша мәселелерге айрыкша тоқтап өтти. Соңында Ташкент Информация технологиялары университетиниң Нөкис филиалы директоры Б.Қайыпбергенов, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры Б.Өтемуратов, Халық Билимлендириў министри А.Аяпов ҳәм бир қатар оқытыўшылар өз пикирлери менен қатнасты.


