«Жаслар парламенти» ағзалығына талабанлар ушын Шоманай районында сәўбет өткерилди.
Районлық сайлаў комиссиясы ағзалары қатнасында 5 сиясий партиялардан усынылған талабанлар менен ZOOM платформасы арқалы өткерилген сәўбетте ағзалыққа талабанлар өзлериниң платформасы менен таныстырды ҳәм сиясий билимлерин сынақтан өткерди.
Комиссия ағзаларының шешимине көре Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан талабан Сагатов Сабур Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлисиниң Нызамшылық палатасы жанындағы «Жаслар парламенти» ағзалығына усынылды.
Ҳәзирде Сагатов Сабур КМУ Юридика факультети Юриспруденция 3-курс талабасы. Жаслардың мәмлекетимиз сиясий турмысындағы белсендилигин арттырыў тараўындағы жумысларына табыслар тилеп қаламыз.