ЖАӉА ОҚЫЎ ЖЫЛЫНДА СТУДЕНТ ПРОФЕССОР- ОҚЫТЫЎШЫЛАРДЫ ТАӉЛАЙ МА? КРЕДИТ-МОДУЛЬ СИСТЕМАСЫНА ӨТИЎ НЕ УШЫН КЕРЕК? БУЛ СИСТЕМАНЫӉ МАҚСЕТИ, ЎАЗЫЙПАСЫ ҲӘМ АБЗАЛЛЫҚ ТӘРЕПЛЕРИ

    Коронавирус пандемиясы адам турмысының барлық хызмет көрсетиў түрлерине мисли көрилмеген дәрежеде өзгерислер алып келди. Көплеген тараўлар өз жумысын ўақтынша тоқтатыўына туўра келди. Лекин, илим-пән, билимлендириў ҳеш қашан тоқтап тура алмайды. Себеби, керекли кадрларды жетилистириў, оларды мийнет базары талапларына бәсекилигин асырыў, еркин пикирлейтуғын қәнигелерди таярлаў окыў орынларындағы жолға қойылған билим бериў процеси менен тығыз байланыслы.

    Президентимиз Ш.Мирзиёев 2019-жылдың 8-октябринде «Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы ҳаққында»ғы Пәрманды имзалаған еди. Бул әҳмийетли ҳүжжетте «Республикамыздағы кеминде 10 жоқары оқыў орнын халықаралық тән алынган шөлкемлер (Quacquarelli Symonds World University Rankings, Times Higher Education ямаса Academic Ranking of World Universities) рейтингиниң биринши 1 000 лық орнындағы жоқары оқыў орынлары дизимине киритиў ҳәм ЖОО окыў процесин басқышпа-басқыш  кредит-модуль системасына өткериў» белгилеп берилген еди.

   Сондай-ақ,  усы жылдың 9-август сәнесинде президентимиз видео-селектор жыйналысында республикамыздағы барлық оқыў орынларының ректор, профессор-оқытыўшылары менен сәўбетлескенинде аралықтан оқытыўда студентлерге сапалы билим бериў ҳаққында көбирек тоқтап өтти ҳәм усы системаға өтиў процесине таярлықлар көриў бойынша бир қанша тапсырмалар берди. 2030-жылға шекем республикамыздағы барлық ЖОО 85 проценти, сол қатары 2020/2021 оқыў жылының өзинде 33 ЖОО кредит-модуль системасына өткерилиўи белгилеп берилди.

Хош буннан гөзленген мақсет не? Кредит-модуль дегенимиз не?

 Кредит-модуль системасы – билимди шөлкемлестириў процеси болып, оқытыўдың модуль технологиялары топламы ҳәм кредит өлшеми тийкарында баҳалаў модели есапланады. Бул системада тийкарынан еки мәселеге әҳмийет бериледи: студентлердиң еркин ислеўин тәмийинлеў ҳәм олардың билимин рейтинг тийкарында бахалаў.

        Бул системада тийкарғы уазыйпалар:

– оқыў процесслерин модуль тийкарында шөлкемлестириў;

– бир пән, курс (кредит) тың муғдарын  анықлаў;

– студентлердиң билимин рейтинг балы тийкарында баҳалаў;

­- студентлерге өзлериниң оқыў режелерин индивидиуал тәризде    дүзиўлерине имкан жаратыў;

– билим алыў процесинде еркин билим алыў сапасын асырыў;

– билим бериў бағдарламаларының әпиўайылығы, қолайлығы;

 

МОДУЛЬ- бул бир неше пән ҳәм курслар үйренилетуғын оқыў режесиниң бир түри. Ол студентлерде мәлим бир қөнликпе пайда етиў, анализ-логикалық пикир жүритиў қәбилетине ийе болыўға қаратылған бир неше пәнлер (курслар) топламы есапланады. Бунда оқытыўшы оқыў процесин шөлкемлестиреди, туўрыдан-туўры, видео ҳәм аудио темалар оқыйды, студенттиң ис-режесин тексерип барады. Студент берилген тапсырманы еркин үйренеди ҳәм тапсырмаларды орынлап барады.

Модулға тийкарланған оқыў бағдарламалары арнаўлы схема тийкарында ислеп шығылады ҳәм төмендегилерди өз ишине қамтыйды:

– оқыў ис-режеси ҳәм ўазыйпаларының толық ашып берилиўи;

– студенттиң пәнди (курсты) баслаўы ҳәм тамамланғаннан кейин арттырылыўы лазым болган тәжирийбесине қойылатуғын темалар;

– модуль қурамына кирген ҳәр бир пәнниң қысқаша мазмуны, яғный, темалар атамасы, семинар ҳәм әмелий жумыслар режеси, еркин билим алыў ушын тийкарғы тапсырмалар.

  Модуль тийкарында оқытыў системасында студентлер билими, тәжирийбеси ҳәм көнликпесин тексериўде рейтинг баҳалаў системасы пайдаланылады.

Кредит – студенттиң жеке билим алыў жөнелиси яки бағдарлама (курс) бойынша пәнлерди оқып үйрениў ҳәм өзлестириўи ушын исленген оқыў жүклемесиниң (ўақтының) өлшем бирлиги. Кредит- студенттиң норматив-ҳүжжет пенен белгиленген, әдетте бир ҳәпте даўамында ғәрезсиз түрде билим алыў ушын ажыратылған минимиал ўақыт өлшеми. Студентлерге кредит мәлим бир пәннен белгиленген тапсырмаларды орынлап, жуўмақлаўшы имтиханнан нәтийжели өткеннен соң бериледи. Кредит технологиясы билим алыўшыға оқыў ис-режесине киргизилген пәнлерди таңлаў, бул арқалы    индивидуал оқыў режесин қәлиплестириў ҳуқықын береди. Оларға тек пәнлерди емес, бәлким профессор-оқытыўшыларды таңлаў еркинлиги бериледи.

 

 

Пайдалы дереклер