2020-жылдың 2-10-сентябрь күнлери аралығыңда Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университетиниң Дене мәденияты, Филология тиллерди оқытыў: қазақ тили, Филология тиллерди оқытыў: түркмен тили, Вокал көркем өнери, Саз әсбап атқарыўшылығы, Реңли сүўрет, Әмелий көркем өнери бакалавр бағдарларына ҳүжжетлерин тапсырған абитурентлердиң кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен тастыйықланған кесте тийкарында өткерилмекте.
Бүгин 5-сентябрь күни төмендеги бакалавр бағдарларына кәсиплик (дөретиӯшилик) имтиханлар университеттиӊ ашык спорт майданшасында болып өтпекте.
1.Филология ҳәм тиллерди оқытыӯ: қазақ тили. Жәми 84 абитуриент ҳүжжет тапсырған.
2.Филология ҳәм тиллерди оқытыӯ: түркмен тили. Жәми 57 абитуриент ҳүжжет тапсырған .
Бул имтиханларды өткериў дәўиринде жәмийетлик тәртипти сақлаў менен байланыслы ҳәр түрли кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде Миллий гвардия хызметкерлери, ҚР Ишки ислер министрлиги хызметкерлер, абитуриентлердиң денсаўлығы менен байланыслы ҳәр түрли кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде медициналық хызметкерлер кеңнен тартылған.


