#Қутлықлаў Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен 3 профессор-оқытыўшы «Меҳр-саховат» көкирек белгисине ылайық табылды

Президент пәрманына көре, пандемия дәўиринде Қарақалпақстанның билимлендириў тараўын еледе жетилистириўде аянбай хызмет етип киятырған, өзлериниң пидайы ислери менен көпшиликке айрықша өрнек болған 3 профессор-оқытыўшыға «Меҳр-саховат» көкирек белгиси тапсырылды. Университеттиң «Санаат технологиясы» факультети декан орынбасары Шухрат Мусиров, «Археология» кафедрасы доценти М.Төребеков ҳәм «Сыртқы оқыў» бөлими баслығы Ф.Қутлымуратовқа бул белги салтанатлы түрде тапсырылды.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректораты атынан үлкен атаққа ийе болған кәсиплеслеримизди мол табысы менен шын жүректен қутлықлаймыз. Илимий, шөлкемлестириў жумысларында тасқын-табыслар тилеймиз.

 

Пайдалы дереклер