БАЙРАМ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ!

Устазлық әзел-әзелден әдиўли кәсиплердиң бири болып есапланады. Дүньяның ҳеш бир мәмлекетинде оқытыўшы устазларға бундай ҳүрмет итибар қаратылмағын. Елимизде Республикамыздың биринши Президенти И.Каримовтың Пәрманы менен 1997 жылдан баслап 1-октябрь “Оқытыўшы ҳәм устазлар күни” улыўма халықлық умумхалқ байрам сыпатында кең түрде белгиленбекте. Ҳәр жылы байрам мүнәсибети менен оқыў орынларында жасларға билим, тәлим-тәрбия бериўде көп жыллардан берли мийнет етип атырған пидайы профессор-оқытыўшылар материаллық ҳәм руўхый жақтан хошаметленип, оларға ҳүрмет жарлықлары, естелик саўғалар менен сыйлықланып келинбекте.

Байрам мүнәсибети менен усы жылдың 29-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, Кәсиплик аўқамы менен бирликте шөлкемлестирилген ҳурмет жарлықлары ҳәм байрам саўғалары Физика факультетинде көп жыллық жемисли ҳадал мийнети ҳәм жас әўладты Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўдағы салмақлы хызметлери есапқа алынған бир топар профессор-оқытыўшыларға деканат тәрепинен салтанатлы түрде тапсырылды. Университет ректоратының профессор-оқытыўшыларға көрсетип атырған ҳүрмет итибарына миннетдаршылық билдирген факультеттиң барлық оқытыўшы-устазлары жасларға билим, тәрбия бериўде жәнеде жоқары жетискенликлерге ерисип, елимиздиң раўажаланыўына өзлериниң салмақлы үлесин қосатуғынлығын билдирди.

физика факультети жаслар менен

ислесиў бойынша декан орынбасары – А.Юлдашев

 

Пайдалы дереклер