«Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен факультет деканы Қ.Турдыбаев сыйлықланды

 

2020-жыл 30-сентябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң бир топар профессор-оқытыўшылары 1-октябрь «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы мүнәсибети менен сыйлықланды. Жас әўладты тәрбиялаўда қосып киятырған үлкен үлеси ушын университет жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С.Алауатдинов Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети деканы Қ.Турдыбаевқа университет ректорының ҳүрмет жарлығын ҳәм байрам саўғасын салтанатлы түрде тапсырды.

Факультет жәмәәти 1-октябрь «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен билимлендириў тараўындағы көп жыллық жемисли, ҳадал мийнетиңиз ҳәм жас әўладты Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаўдағы салмақлы хызметлериңиз ушын Сизге беккем денсаўлық, қайтпас күш-жигер, ҳәмийше жәмәәтимиз алдында әдиўли Устаз болып жүриўиңизди тилейди. Байрамыңыз бенен, Устаз!

 

Жас әўладлар, келешекке баратқан,

«Устазым» деп сыйлап, арқа сүйеген,

Қалың елге билим нурын таратқан,

Мен муғаллим деген халықты сүйемен!

 

Ҳәммелерден ақыллы хәм билимли,

Ең дәслеп силтеген жүрер жолыңды,

Мудамы көксиме қойып қолымды,

Мен муғаллим деген халықты сүйемен!

 

Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика

факультети жәмәәти, студент-жаслары

Пайдалы дереклер