Биология факультетинде 1-курсларға сабақлар басланды.

Биология факультетинде 1-курсларға сабақлар басланды.

Бүгин, 12-13-14-октябрь күнлери Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультетине 1-курсқа қабыл етилген студентлер менен танысыў сабақлары өтилмекте.

 Гирбиңсиз сезимлер менен жоқары оқыў орнына өзлериниң ең дәслепки қәдемин қойып атырған студентлерди Биология факультети декан орынбасарлары ҳәм профессор-оқытыўшылар күтип алды. Биринши нәўбетте оларды студентлик бахтына  мияссар болғанлығы менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерди билдирип өтти ҳәм баслап атырған оқыўларында табыслар тиледи.

Факультетте танысыў сабақларын шөлкемлестириўде карантин қағыйдаларына қатаң түрде әмел етиў инабатқа алынды. Атап айтқанда, факультетке киргизилип атырған студентлердиң дене температурасы өлшенип, антисептикалық қураллар менен дезинфекция қылынды. Буннан соң студентлер аудиторияларға киргизилип, профессор-оқытыўшылар ҳәм кураторлар тәрепинен Биология факультет искерлиги ҳәм онда жолға қойылған аралықтан оқытыў системасы ҳаққында мағлыўматларға ийе болды. Тәлим алыў процесинде зәрүр болатуғын әдебиятлардың дизими толық түрде айтып өтилди. Мине усы тәризде танысыў ҳәптелиги даўамында студентликке қабыл етилген абитуриентлер ушын онлайн тәлим алыў көнликпеси қәлиплестириледи. Биринши курс студентлери бүгинги шөлкемлестирилген танысыў сабақлары арқалы оқыў процесине тийисли болған барлық мағлыўматларға ийе болды. Студент жаслардың Биология факультет имаратында өткен дәслепки күни заўықлы тәризде болып өтти деп үмит етемиз.

Биология факультети

Топырақтаныў тәлим бағдарының 4-курс студенти

Айзада ЖЕТПИСБАЕВА

Пайдалы дереклер