Бүгин, 12-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тарийх факультетине 1-курсқа қабыл етилген студентлер менен танысыў сабақлары басланды.
Танысыў сабақлары белгиленген сабақ кестеси тийкарында шөлкемлестирилип дәстүрий оқыў формасында басланған сабақлар карантин талапларға толық әмел етген тәртипте алып барылды.
Танысыў сабақларында факультет деканы С.Сулайманов, 1-курсқа қабыл етилген студентлерге факультет ҳаққында мағлыўматлар берип, сабақ кестеси, сабақ беретуғын профессор-оқытыўшылар менен таныстырды. Керекли сабақлықлар ҳәм пайдаланатуғын әдебиятлар ҳаққында, сондай-ақ университет ишки тәртип қағыйдалар, кредит-модул системасында оқыў тәртиплери толық түсиндирилди.
Тарийх факультети