Архитектура факультети ҳаял-қызлар мәселелери бойынша басланғыш шөлкеми жетекшиси Д.Камалова ҳәм факультет жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси Х.Өтегеновлар 1-курсқа қабыл етилген студент жасларды жаӊа оқыў жылы менен қутлықлады соныӊ менен бирге бәрше студентлерди жәмийетлик жумысларға ҳәм университет көлеминде болып өтетуғын таӊлаўларға белсене қатнасыўына шақырып қалды.
