Усы жылдың 23-октябрь күни университеттиң Санаат технологиясы факультети студент жаслары арасында ZOOM платформасы арқалы онлайн ушырасыў өткерилди. Ушырасыўда факультет деканы Р.Қурбаниязов, оқыў ислери бойынша ҳәм жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасарлары, топар басшылары ҳәм факультет студентлери қатнасты.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясындағы баянаты, 2020-жыл 23-сентябрь күнги «Билимлендириў ҳәққында»ғы ЎРҚ-637-сан Нызамы мазмун-мәниси ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты жанында «Жаслар парламенти»н шөлкемлестириў ҳаққындағы Нызамы мазмун-мәнисин түсиндириў ҳәм бүгинги күнде олардың искерлиги ҳаққындағы мәселелер додаланды. Ушырасыўда «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» кафедрасы ассистенти Ж.Торениязова Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясындағы баянаты менен, «Инсан ҳуқықлары, мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў» кафедрасы ассистенти С.Аманиязова усы жылдың 23-сентябрь күнги «Билимлендириў ҳаққында»ғы ЎРҚ-637-сан Нызамы мазмун-мәниси ҳаққында студент жасларға кеңнен түсиниклер берген болса, Юридика факультети 3-курс студенти, «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы ийеси, «Жаслар парламенти» ағзасы С.Сагатов Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты жанында «Жаслар парламенти»н шөлкемлестириў ҳаққындағы Нызамы мазмун-мәниси ҳаққында жыйналғанларға кеңнен мағлыўматлар берип өтти.
«Бүгинги ушырасыўды шөлкемлестирген устазларыма шексиз миннетдаршылығымды билдиремен. Себеби, ҳәр бир баянатшы тәрепинен айтылған мағлыўматлар, билдирилген пикирлер ҳақыйқатынан да бүгинги күндеги әҳмийетли мәселелер, ҳәр биримиз билиўимиз шәрт болған мағлыўматлар есапланады. Мени қызықтырып жүрген мәселелердиң бири «Жаслар парламенти»ниң дүзилгенлиги ҳәм оның искерлиги ҳаққындағы мағлыўматларға ийе болдым», – дейди факультеттиң жеңил санаат буйымлары конструкциясын ислеў ҳәм технологиясы тәлим бағдарының 3-курс студенти Б.Утешбаева.
Ушырасыў даўамында студент жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға тийисли жуўаплар алды.
Гоззал Жалгасова
Санаат технологиясы факультети 3-курс студенти
