«Профилактика күни» илажы өткерилди

Усы жылдың 29-октябрь күни университеттиң Санаат технологиясы факультети студент жаслары арасында «Профилактика күни» атамасында илаж өткерилди. Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет – жаслар арсында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў болып есапланады. Илажда факультет деканы Р.Қурбаниязов, факультет жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ш.Мусиров, Нөкис қалалық 3-санлы ИИБ баслығы полковник Б.Булатов, аймақлық аға инспекторы капитан Т.Сабиров, аймақлық профилактика инспекторы капитан Ф.Юсупов, факультет профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслар қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар Президентимиз басшылығында мәмлекетимизде ҳүким сүрип атырған тынышлықты сақлаў, түрли миллет ҳәм елат ўәкиллериниң тыныш-татыў, бахытлы жасаўын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде түсиниклер берип өтти.

       «Бүгинги күнде жаслар арасында жүз берип атырған жынаятлар тийкарынан жумыссызлық, ишиўшилик ҳәм материаллық жетиспеўшилик ақыбетинде келип шықпақта…», – дейди капитан Т.Сабиров. Ол жынаятлардың келип шығыў себеплери ҳәм олардың аўыр ақыбетлери ҳаққында турмыслық мысаллар менен студентлерге кең түрде түсиниклер берип өтти.

          Илаж даўамында студентлер өзлерин қызықтырған сораўларына тараў қәнигелеринен тийисли жуўаплар алды.

Гоззал Жалгасова

Санаат технологиясы факультети 3-курс студенти

Пайдалы дереклер