Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың басламасы менен алға сүрилген жаслар мәнаӯиятын жоқарылатыӯда ҳәм олардың бос ӯақтын мазмунлы өткериӯге қаратылған 5 әҳмийетли басламасы шеңберинде Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетинде түрли бағдардағы илажлар болып өтпекте .
Усы илаж тийкарында студентлер арасында өткерилген «Жыл студенти-2020» таңлаӯының жеңимпазларын сыйлықлаӯ мәресими боды.
Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов сөзге шығып, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың жаслар турмысындағы әҳмийетине тоқтап өтти.
Илажға Ташкент мәмлекетлик экономика университети ректоры Қоңыратбай Шарипов қатнасты ҳәм шығып сойледи.
«Жаңа Өзбекстан-жаңаша көзқарас» ураны бүгин ҳәр бир студенттиң кеӯлинен орын алғанлықтан, университет жасларының талпыныслары илаж даӯамында көзге тасланды. Мәмлекетмизде әмелге асырылып атырған реформаларды өзинде сәӯлелендирген видеоролик көпшиликтиң нәзерине усынылды.
«Жыл студенти-2020» таңлаӯының жеңимпазы болған География ҳәм тәбийий ресурслар факультетиниң 4-курс студенти Отабек Рахимбаев өз қуӯанышларын былай бөлисти;- Мен университет студенти болып үлкен мәмлекетлик сыйлыққа еристим. «Мард уғлон» мәмлекетлик сыйлығына сазаӯар болдым. Бунда устазларымның мийнети, қалаберди жасларға берилген үлкен имканият деп билемен. Исенимди ақлаӯға сөз беремен, -деди ол.
Илаж байрам концерти менен даӯам етти.










