Илимий конференцияда заманагөй мәселелер

Университетимиздиң профессор оқытыӯшылары басқа республикалардың жоқары оқыӯ орынларында өткерилип атырған илимий конференцияларға өзлериниң баянатлары менен қатнасып келмекте.

Усы жылдың 20-ноябринде Қазақстан Республикасының Қ.Жубанов атындағы Ақтөбе регионаллық университетинде on-line форматта экономика ҳәм ҳуқықтаныӯ тараӯында «Қазақстан Республикасын модернизациялаӯдың экономикалық-ҳуқықый аспектлери: теория ҳәм практикасы» атамасында Республикалық илимий конференция болып өтти.

Конференцияға узақ ҳәм жақын шет еллерден  илимпазлар, докторантлар, магистрантлар менен студентлер қатнасты. Соның менен бир қатарда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен экономика илимлери кандидаты, доцент  А.Р. Инятов, Ақтөбе регионаллық университетинен Х.Х. Кусаинов,  Б.А.Жунусов, Ж.Атаниязов, У.Е. Мамбетовлардың баянатлары тыңланып, заманагөй мәселелер талқыланды.

Пайдалы дереклер