«Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаӯ ҳәм гендер теңлиги мәселелери: Машқалалы жағдайларда стресстен шығыў усыллары» атамасында психологиялық семинар-тренинг болып өтти. Онда ҚМУ ректорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси, университет ҳаял-қызлар кеңеси баслығы И.Сейтназарова Қарақалпақстан Республикасы реабилитация орайының тәжрийбели психологы Аманова Роза, педагогика-психология кафедрасы профессор аға оқытыўшысы Матурозова З, университет психологы Реймбаева Г, факультетлердиң Ҳаял-қызлар Кеңеси жетекшилери ҳәмде шаңарақлық ямаса өзин толғандырып жүрген мәселелери бар студент қызлар қатнасты.
“Университетте ҳаял-қызларға қарата дискриминация, басым ҳәмде зорлықтың алдын алыў, оған қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған жумыслардың мазмуны, бул бағдардағы жетискенлик ҳәм кемшиликлер ҳаққында қысқаша тоқтап өтилди.
“Басым ҳәмде зорлыққа ушыраған ҳаялларды анықлаў ҳәмде олар менен бирге ислесиў бойынша методикалық мәсләҳәтлер” темасында Қарақалпақстан Республикасы реабилитация орайының тәжрийбели психологы Аманова Роза тренинг алып барып, психологиялық мәсләҳәтлерин берип өтти.
“Ҳаяллар ҳәмде ер адамлардың психологиялық өзгешеликлери” атамасында университет педагогика- психология кафедрасы аға оқытыўшысы Матурозова Зульфия түсиник берип өтти.
Университетте талаба қызларға қарата басым ҳәм де зорлықтың алдын алыў, оған қарсы психокоррекциялық жумыслар, алып барылып атырған методикалар жөнинде университет психологы Гүлчехра Реймбаева сөзге шықты.Тренинг соңында темаға байланыслы сораў-жуўаплар ҳәмде талқылаў өткерилди.


