Халықаралық бирге ислесиўди жетилистириў ислери

 25-ноябрь күни Байишев атындағы Ақтөбе университети, Польшаның Краков университети ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Экономика» кафедрасының қатнасыўында дөңгелек стол әтирапында пикир алысыӯ болып өтти. Бунда «Жас жәмийетлик искер: машқалалар ҳәм имканиятлар – Волонтерлық студентлердиң жәмийетлик искерлигинде айрықша формасы сыпатында» темасында пикир алысыўлар болды.

Бул пикир алысыўға университет студентлери, профессор-оқытыўшылар ҳәм  жас алымлар белсене қатнасты. Сондай-ақ, Халықаралық бирге ислесиўди жетилистириў ислери бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик университети проректоры Алымов Атабек Керимбергенович «ЖООның халықаралық рейтингин көтериўде коллаборацияның роли» атамасында, «Экономика» кафедрасының докторанты Атамуратова Нурзада Байрамовна «Волонтерлық – мениң жеке тәжирийбем» темасындағы пикирлери менен қатнасты. Бул жумысларды келешекте еле де даўам еттириў ҳәм жетилистириў бойынша тәреплер өз-ара келисип алды.

Пайдалы дереклер