ҚМУ студенти  “GTL” стипендиаты

 

Мәмлекетимиз көплеген илимпаз ҳәм алымлар бесигин тербеткен уллы мәкан. Бул топырақтан жетилискен уламалар мийнети, дөретиўшилиги ҳәзирги күнге шекем дүнья халықларының машқалаларына шешим таўып бермекте десек асыра айтқан болмаймыз. Уллы ата-бабалар жаратқан айдын жолды даўам етип киятырған жас әўлад та оларға ылайықлы избасар болыўға хәрекет етпекте.  Усы жылдың сентябрь-ноябрь айлары даўамында “Uzbekistan GTL” компаниясы тәрепинен жоқары оқыў орынлары студентлери ушын арнаўлы стипендия жәрияланды. Мағлыўмат сыпатында соны атап өтиўимиз керек  GTL(“gas-to-liquids” яки “Газды суйықлыққа айландырыў”) компаниясы Өзбекстан Республикасының Қашқадәрья ўәлаятында жайласқан болып, синтетик суйық жанылғы ислеп шығарыўшы ең ири заводлардан бири. “GTL” компаниясы тек ғана Өзбекстан көлеминде емес бәлки,  аймақтағы ең ири инвестициялық проектлерден бири болып табылады. Оның қурылысы ушын 2,3 млрд долларлық қәрежет жумсалған. Заводтың ислеп шығарыў қуўаты күнине 37 000 баррельди қурап, GTL дизили, GTL керосини (авиацион), GTL нафтасы ҳәм суйылтырылған углеводород газы сыяқлы өнимлерди ислеп шығарады.

 “Uzbekistan GTL” компанияcы тәрепинен шөлкемлестирилген стипендия бағдарламасына мәмлекетимиздиң бир қатар Жоқары оқыў орынларынан жәми 1200 ден зыят студентлер, усылар қатарында Қарақалпақ мәмлекетлик университетинен 11 зийрек студент белсенди қатнасты. Бүгинги кунде  усы бағдарлама шеңбериндеги таңлаўдың барлық басқышлары жуўмақланған болып, 12 студент стипендия бағдарламасының жеңимпазы болыўға еристи. Жеңимпаз болған жасларымыздың бири- Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети География ҳәм тәбийий ресурслар факультетиниң Геодезия, картография хәм тәбийий ресурслар кафедрасы, нефть ҳәм газ кәнлерин иске түсириў ҳәм олардан пайдаланыў қәнигелигиниң 4-басқыш студенти Гулмурзаев Сардорды жетискенлиги менен қутлықлай отырып, оқыўларында ҳәм илимий изленислеринде табыслар тилеймиз.­

 

 

Геодезия, картография хәм тәбийий ресурслар кафедрасы ассистент оқытыўшысы

Е.Санетуллаев.

 

Пайдалы дереклер