Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик тили ҳаққындағы нызамы қабыл етилгеннен кейинги дәўирде қарақалпақ әдебий тилинде бир қанша раўажланыўлар ҳәм жаңалықлар пайда болды. Олар қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамында, сеслик дүзилисинде ҳәм грамматикалық қурылысында да сезиледи.
Атап айтатуғын болсақ, тил билиминиң ҳәр бир тараўы бойынша илимий жумыслар исленип, бир неше көлемли монографиялар, оқыў қолланбалар дөретилди.
Өткен 2020 – жылдың өзинде Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети қасындағы илим докторы илимий дәрежелер бериўши DSc 03/30.12.2019. Fil 20.01-санлы Илимий кеңес қасындағы 10.00.03- қарақалпақ тили, 10.00.12- қарақалпақ әдебияты қәнигелиги бойынша 10 нан аслам докторлық диссертациялар жақланды. Жақында ғана Өзбекстан Республикасы Жоқары Аттестация комиссиясы тәрепинен тастыйықланған докторлық диссертация дипломлары салтанатлы түрде тапсырылды. Жакын ӯақыт ишиде қарақалпақ тили, қарақалпақ әдебияты бойынша көплеген докторлық диссертациялық жумыслардың қорғалыўын жақсы нәтийже деп қарасақ болады. Мине, бул мийнетлер қарақалпақ тил билиминиң раўажланыўындағы үлкен жетискенликлердиң бири болып есапланады.
Бундай изертлеўлер:
– қарақалпақ тилиниң соңғы дәўирдеги раўажланыў өзгешеликлерин ашып көрсетиўде ҳәм оның буннан былай раўажланыў басқышларын анықлаўға мүмкиншилик береди.
– Қарақалпақ тилиниң әдебий нормаларының қәлиплесиў жолларын көрсетеди.
– Тилимиздиң рус ҳәм қоңсылас өзбек, қазақ ҳәм түркмен тиллери менен ҳәзирги ўақыттағы өз ара қатнасын анықлайды.
-Ҳәзирги қарақалпақ әдебий тилин, оның әдебий нормаларын мектеплерде, орта ҳәм жоқары оқыў орынларында үйрениўди жеңиллестиреди.
Қарақалпақ тил билиминиң алдында ең әҳмийетли мынадай ўазыйпалар бар:
- Қарақалпақ тил билиминде көркем шығарманың тилин лингвопоэтикалық бағдарда изертлеў мәселелери бойынша изертлеўлер аз. Бул мәселениң көплеген тәреплери еле арнаўлы изертлеўди талап етеди.
- Қарақалпақ тил билиминде лингвокультурология, текст лингвистикасы, сондай-ақ, систем лексикология, лексемалардың семантикалық структурасы, семантикалық синтаксис мәселелери арнаўлы изертленилиўи керек.
- Қарақалпақ тилиниң тарийхый лексикологиясын ҳәр тәреплеме изертлеў мәселеси.
- Қарақалпақ лингвофольклористикасы бойынша кең көлемли илимий – изертлеўлер алып барылыўы мақсетке муўапық болып табылады.
Пайыттан пайдаланып, 1-декабрь тил байрамы менен бәршеңизди қутлықлайман.


Филология илимлериниң докторы Г.Қарлыбаева.