Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университетиниӊ «Монополияға қарсы гүресиў ҳәм бәсекини раỳажландырыў» топары магистрантлары ҳәм профессор оқытыўшыларының қатнасында Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетинде илмий-әмелий семинар шөлкемлестирилди.

 

          Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл  6-июлдағы “Бәсеки орталығын және де раўажландырыў ҳәм экономикадағы мәмлекетлик қатнасын қысқартыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы ПП-6019-санлы Пәрманы менен тастыйықланған “Жол карта”сыныӊ тапсырмаларын орынлаў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ магистратура қәнигеликлерине монополияға қарсы гүресиў, оларды тәртипке салыў ҳәм бәсекини раўажландырыў ҳаққында билим ҳәм көнликпелер қәлиплестирип келинбекте. Магистрларды  университеттиӊ профессор оқытыўшыларынан профессор Г.Утемуратова,  доцент Р.Тлеубергенов, кафедра доценти Рhd А.Таспановалар  монополияға қарсы басқарыўдыӊ шөлкемлестирилген ҳуқықый тийкарлары, жөнелислери, саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў, Монополияға қарсы гүресиў стратегияларды дурыс таӊлаў бойынша билимлерин берип келмекте.

   Г.Утемуратова өзиниӊ баянатында Республика экономикасыныӊ раўажланыўында бәсеки орталығын еле де жетилистириў кереклигин айтып өтти. Университеттиӊ магистратура бөлиминиӊ «Монополияға қарсы басқарыў ҳәм бәсеки орталығын раỳажландырыў» қәнигелигинде тәлим алып атырған магистрантлардыӊ алып атырған теориялық билимлерин практикада көриў кереклиги ҳәм усы мақсетте комитет пенен бирге ислесиỳ шәртнамасы дузилгенлигин айтып өтти.

   Кейин сөз нәўбети комитет баслығы орынбасары Б.Исмаиловқа берилип, ол, комитет қәнигелери менен таныстырып, олардыӊ тийкарғы ỳазыйпалары нелерден ибарат екенлигин айтып өтти. Соныӊ менен бирге , Б.Исмаилов бәсеки орталығын жетилистириỳ барысында бир қанша машқалалар бар екенлигин ҳәм бул машқалалар норматив ҳүжжетлер тийкарында сапластырылып атырғанлығын бир қанша мысаллар тийкарында келтирип өтти.

 Соң тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў бөлими баслығы С.Нажимов сөзге шығып, тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў бойынша түсиник берип өтти. Буннан басқа да бир нешше қәнигелер менен ѳз-ара сораў- жуўаплар додаланды.

  Магистрантлар топлаған билим ҳәм көнликпелерин әмелиятта қоллаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети әмелиятын даўам еттиреди. Комитет тәрепинен устаз-шәкирт тийкарында магистрантларға тәжрийбели қәнигелер бириктирилди.  

 «Монополияға қарсы гуресиў ҳәм бәсекини раўажландырыў» топары магистранты  А.Асенбаева

Пайдалы дереклер