Мухаматдин Өзбекстан сайланды командасына ағза болды

      Усы жылдың 26-29 -ноябрь күнлери Ферғана ӯәлаятында имканияты шекленген спортшы жаслар  арасында М.З.Усманов ҳәм А.А.Исмаиловлардың естелигине арналып «Естелик» турнири болып өтти.

Бул жарыста университеттиң Дене мәденияты факультети 3-курс студенти Туржанов Мухаматдин «Матонат» клубы атынан қатнасып, сыйлы биринши орынды алды ҳәм Өзбекстан сайланды командасына ағза болды.

Жерлесимизге кейинги ойынларда әўмет тилеп қаламыз!

 

 

Пайдалы дереклер