Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Мәмлекет органлары, шөлкемлери ҳәм мәкемелеринде жаслар ушын мәмлекетлик пуқаралық хызмети искерлиги менен тиккелей танысыӯға бағдарланған «Ашық есиклер күни» танысыӯ семинары болып өтти.
Илажды университет ректоры А.Реймов кирис сөзи менен ашып берди.
«Ашық есиклер күни» танысыӯ семинарына Өзбекстан Республикасы Президенти қасындағы Мәмлекет хызметин раӯажландырыӯ агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы орынбасары А. Реимбаев, Нөкис қаласы ҳәкими У.Панаев, Өзбекстан Республикасы Президенти қасындағы Мәмлекет хызметин раӯажландырыӯ агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы бас инспекторлары К.Сеитниязов, Е.Давлетияровлар қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
«Ашық есиклер күни» танысыӯ семинарында университет жаслары мәмлекетлик пуқаралық хызмети искерлиги менен жақыннан танысыӯ имканиятына ийе болды.

