ИЛИМИЙ ИЗЕРТЛЕЎГЕ ТИЙИСЛИ ДАҒАЗА !

2020-жыл 24-декабрь күни саат 16 00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы DSc.03/30.12.2019.Fil.20.01 санлы Илимий кеңеси қасындағы 10.00.12 – Қарақалпақ әдебияты  қәнигелиги бойынша Илимий семинар мәжилиси Қарақалпақ филологиясы ҳәм  журналистика факультети мәжилислер ханасында өткериледи.

Мәжилисте Қарақалпақ гуманитар илимлери илим-изертлеў институтыныӊ 10.00.12 – Қарақалпақ әдебияты қәнигелиги бойынша  еркин излениўшиси Байниязова Тазагүл Қырқбаевнаның «Қарақалпақ әдебияттаныўының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыў тенденциялары» деген темадағы филология илимлери бойынша философия докторы  (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған диссертациясының талқылаўы болып өтеди.

Пайдалы дереклер