Усы жылдың 29-декабрь күни Шет тиллери факультетиниң гезектеги Илимий Кеңеси мәжилиси ѳткерилди. Мәжилисте Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтың Олий мәжилиске мүрәжаты тыңланды.
Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске Мүрəжатында 2021-жылға «Жасларды қоллап қуўатлаў, халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп ат бериўди усыныс етти. Сондай-ақ жоқары билимлендириў тараўында 2021-жылда мәмлекетлик грантлар саны 25% асырылады. Мүтәж шаңарақтың қызлары ушын жоқары оқыў орынларында мәмлекетлик грантлар саны еки есеге асырылып, яғный 2 мыңға жеткериледи. Жоқары баҳалар менен оқып атырған мүтәж шаңарақтың қызлары ушын арнаўлы стипендия бериледи. Кейинги жылдан -«Физика»ҳәм «Шет тиллерин оқытыў» пәнлери әҳмийетли пән бағдарлары етип белгиленеди.
Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Т.Кулниязов

