Халқымызда «Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек» деген нақыл бар. Бул нақылды биз дерлик ҳәр күни еситемиз. Гейде жанымыздағы досларымызға да айтып қоямыз. Бирақ, өзиңизге сораў берип көрдиңиз бе? Соңғы мәрте қашан, кимге саўап ис қылдыңыз? Еситкен рахметлериңизди еслей аласыз ба? Саўап ислер тек мүтәжлерге жәрдем берип қоймастан, саўап ис қылған инсанның да кеўил-кейпиятын көтереди. Және де қайырлы ислерге қол урыўға ийтермелейди.
Мине елимизге жаңа 2021-жыл есик қағып кирип келди. Елимизде елеге шекем байрам кейпияты ҳүким сүрмекте. Байрам болса саўғаларсыз болмайды. Саўғалар ишинде ең жақсы саўға – итибар, шийрин сөз ҳәм ғамхорлық.
Мине усындай әжайып саўғаларды теңлеслерине инам етиў мақсетинде университеттиң белсенди студентлериниң басламасы менен әжайып қайырқомлық акциясына қол урылды. Университеттиң жаслар аўқамы волонтёрлары ҳәм жаслар аўқамы жетекшилери барлық факультетлерге қайырқомлық қутышаларын қойып, ондағы жыйналған қаржыларды университеттиң жетим, шын жетим ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж кем тәмийинленген шаңарақ студентлерине байрам саўғасы ретинде тапсырыўды нийет етти. Бир ай даўамында усы қайырқомлық қутышаларына жәми 11 311 000 сум жыйналды. Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми тәрепинен жәрдемге мүтәж студентлер үйренип шығылды ҳәм жәми 210 студентке топланған жәрдем пуллары бөлистирилди.
Байрам алдынан университет ректоры, барлық факультет жаслар аўқамы жетекшилери, кеңес ағзалары ҳәм гүўалардың қатнасында бөлистирилген пуллар (68000) конвертлерге жайластырылды ҳәм университет студентлери атынан жаңа жыл саўғасы ретинде өз ийелерине жеткерилди.
Усы пурсаттан пайдаланып бул акцияда қатнасқан барлық студентлерге, белсендилерге, шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылығымызды билдиремиз.
Қуўатбай Сарсенбаев
Математика факультети жаслар аўқамы жетекшиси