Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлер турар жайында жасаўшы студентлери менен университет Ҳаял-қызлар Кеңеси ҳәм университет психологы тәрепинен «Шаңарақ қурыўға психологиялық таярлық» атамасындағы психологиялық тренинги ҳәм де сораў-жуўап кешеси өткерилди. Бунда итибар шаңарақта миллий қәдириятлардың тутқан орнына, менталитетимизге сай тәризде өз-ара қатнасықларды жолға қойыў усылларына, ерли-зайыптың келиспеўшилик жағдайларының алдын алыўға қаратылды. Ушырасыўда университет педагогика-психология, экономика кафедрасы профессор оқытыўшылары мийман болды.
