Профессор оқытыўшыларымыз спорт майданында

Университетимиздиң дене мәденияты факультети хәм кафедрасы тәрепинен  саламат турмыс тәризине әмел етиў максетинде университет профессор оқытыўшылары арасында 4-9-январь күнлери аралығында спорттың   волейбол түри бойынша   жарыс  болып өтти.   Жарыс университет көлеминде өткерилип, бунда барлық факультет ҳаял-қызлары хәм ер профессор оқытыўшылары арасында шөлкемлестирилди. Жарысты университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев кирис сѳзи менен ашып берди.

Университет ректорының  хаял-қызлары кеңеси мәсләҳәтшиси И.Сейтназарова сѳзге шығып; бул жарыста хаял-қызларымыздың да қатнасып атырғанын айрықша атап өтти. 

Жарыс дәслеп университетимиздиң  хаял-қызлары арасында 4-6-январь күнлери болды. Жарыс жуўмағына келип, хаял-кызлар арасында 1-орынды «Хожалық бөлими исши хызметкерлери»нен дүзилген команда, 2-орынды Шет тиллери факультети жеңип алған болса,  сыйлы 3-орынды Химия-технология факультетиниң хаял-қызлары жеңип алды. Ал, 7-9-январь кунлери профессор ер оқытыўшыларымыз арасында өткерилген жарыста қызғын беллесиўге бай болды. Бул ойында  болса 1-орын   Шет тиллер факультети , 2-орынды Химия-технология факультети, 3-орынды болса  «Хожалық бөлими  исши хизметкерлери»нен дүзилген команда жеңип алыўға миясар болды.

Жеңимпаз болған командаларды сыйлықлаў басқышында  университет оқыў ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев,  хаял-қызлар кеңеси бойынша  мәсләҳәтши И.Сейтназарова,  экономика хәм хожалық  ислери проректоры  А.Қудайбергенов, Руўхыйлық  бөлими баслығы И.Жуманиязовлардың қатнасында жеңимпазларға диплом хәм қымбат баҳалы саўғалар  тапсырылды.

Химия-технология факультети 2-курс

студенти Куздибаева Нилуфар.

 

 

 

 

 

Пайдалы дереклер