Спорт бул – денсаўлық, спорт бул – жаслық, ол күш-ғайрат, гѳззаллық ҳәм жетиклик демекдур

 Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң спортты раўажландырыўға қаратылған Қарар ҳәм Пәрманлары, әсиресе 2020 – жыл 24-январьда қабыл етилген «Өзбекстан Республикасында дене тәрбия ҳәм спортты және де кең ең жайдырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы мәмлекетимиз спорты тарийхында жаңа дәўирди баслап берди. Усы Қарар ҳәм Пәрманлардың орынланыўы ҳәм жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, оларды ҳәр қыйлы бузғыншы идеялар тәсиринен, зыянлы әдетлерден сақлаў, турақлы түрде саламат турмыс тәризин өзине жолдас етип алыў мақсетинде барлық билимлендириў орынлары сыяқлы бизиң университетимизде де ҳәр қыйлы спорт дөгереклери жумыс ислеп тур. Жаратылған имканият ҳәм қолайлықларға жараса нәтийжелер де көзди қуўандырарлықтай. Университетимизден республика көлеминдеги спорт жарыслары жеңимпазлары, Қарақалпақстан, Өзбекстан, Азия ҳәм Жәҳән чемпионларының жетисип шығып атырғанлығы әлбетте, мақтанышлы.

Университетимизде бундай спорт жарыслары тек ғана студентлер арасында емес,  университеттиң профессор-оқытыўшылары ҳәм хызметкерлери арасында турақлы түрде өткерилип турылыўы дәстүрге айланған. Дәстүрге муўапық жақында ғана спорттың футбол, воллейбол, шахмат, стол тенниси ҳ.т.б түрлери бойынша ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар арасында жарыс болып өтти. Жарысты шөлкемлестириў ҳәм өткериўде университет спорт клубы, дене мәденияты факультети ҳәм ҚМУ ҳаял-қызлар кеңеси белсене қатнасты. Жарыс жүдә қызғын беллесиўлерге бай болып өтти.

Қызғын беллесиўлерге бай болып өткен жарыс жуўмағында төмендегилер жеңимпаз деп табылды.

Спорттың теннис түри бойынша:

1-орын Таиров Б (География ҳәм тәбийий ресурслар факультети)

2-орын Қәлимбетов Х (Экономика факультети)

3-орын Курманов А (Юридика факультети)

Спорттың шахмат түри бойынша ерлер арасында:

1-орын Нурымбетов Т (Экономика факультети)

2-орын Сапарниязов И (Қурылыс факультети)

3-орын Санетуллаев Е (География ҳәм тәбийий ресурслар факультети)

Ҳаял-қызлар арасында:

1-орын Жақсымова Р (Шет тиллери факультети)

2-орын Нисанова С (Биология факультети)

3-орын Наўрызбаева Г (География ҳәм тәбийий ресурслар факультети)

          Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

  Гоззал Жалгасова

Санаат технологиясы факультети студенти.

 

                   

 

Пайдалы дереклер