Мәрт ҳәм батыр адамлар алдындағы  қыйыншылықлардан қорықпайды

Не ушын мақаламызға Абу Али Ибн Синаның бул қатарларын тема етип таңладық?! Мәрт ҳәм батырлық адамға билим арқалы қәлиплеседи. Тек билимли адам ғана алдындағы қыйыншылыктан қорықпайды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Олий Мажилиске жоллаған  мүрǝжатында «Жаӊа Өзбекстан мектеп босағасынан, тǝлим ҳǝм тǝрбия системасынан басланатуғынлығын» атап көрсетти.

Демек, биз  оқытыўшылар ушын еӊ тийкарғы мǝселе, бул жаслар ушын кеӊ имканиятларды жаратып бериў соның менен бирге олардыӊ алдына қойған мақсетине жетиўде қоллап-қуўатлаўдан ибарат. Усы мақсетте Бердақ атындағы Қарақалпақ мǝмлекетлик университети жәмәәти мектеплер менен бирге ислесиў бағдарында жедел жумыслар алып бармақта.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мǝмлекетлик университети Шет тиллер факультети деканы п.и.к.,доц.  Джавод Курбанбаев ҳǝм Факультетлер аралық шет тиллери кафедрасы ассистенти Бахыт Есемуратовлар Беруний районының 52 ҳǝм 55-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде болып, жас ǝўладтыӊ тǝрбиясы  ҳǝм билимине дыққат аўдарды.

Сондай-ақ, мектеп басшылары ҳǝм пǝн оқытыўшыларына жасларды тǝрбиялаўда ҳǝм билим бериў бағдарындағы баҳалы кеңеслери менен пикир алысты. Оқыўшылар ийелеген билимлериниӊ тийкарында өз пикирине ийе болыў сыяқлы қǝбилетин қәлиплестириў ҳǝм еӊ жақсы адамгершилик пазыйлетке ийе болыў кереклиги айтылып өтилди.

Буннан кейин улыўма билим бериў мектеплериниң жоқары класс оқыўшылары менен ушырасып, олардың билим алыўыныӊ сапасына дыққат аўдарды. Оларда келешекте заманагөй, дәўир талабы күшли болған кǝсиплерди ийелеўи кереклиги, оларда мийнетти сүйиўге болған сезимлерди оятыўы кереклиги айтылды.

Ушырасыў соңында жаслар қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Шет тили пәни оқытыўшылары менен биргеликте тǝжирийбе алмасыў мақсетинде мастер класс сабағы өткерилди.

 

Д.Кубейсинова,

Факультетлер аралық шет тиллери кафедрасы баслығы.

Пайдалы дереклер