Президент Шавкат Мирзиёевтың 2020-жыл, 29-декабрдеги Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатнамасы ҳәм оның мәмлекетимиздиң раўажланыўында тутқан орнын, әҳмийетин үйрениў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпалары болып келмекте.
Усы реформалардың мазмуны-әҳмийетин студент жасларға және де кеңирек түсиндириў мақсетинде Экономика факультетинде Мүрәжатнаманың мазмуны ҳәм әҳмийетин үйрениў бойынша илаж өткерилди.
Илажға Ташкент мәмлекетлик экономика университети профессорлары А.Мухтаров, Н.Ғаниев, Ж.Исаковлар қатнасып, Мүрәжатнаманың әҳмийетине тоқтап ѳтип, онда ҳәр бир тараўды раўажландырыў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалар ҳаққында түсиник берип өтти.
Сондай-ақ, илажда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, тийкарынан жоқары оқыў орынларындағы алып барылып атырған жумыслар ҳаққындағы видео роликлер көрсетилип берилди.
