Нөкис қаласы Арқа батыс әскерий округинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети студент жаслары ушын ашық есиклер күни өткерилди. Илажға 100 ден аслам студентлер қатнасты. Илажды Университеттиң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С. Алаўатдинов кирис сөзи менен ашып берди. Ол өз сөзинде “Жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, әскерий округ жумысларын студентлерге кеңнен таныстырыў ең баслы ўазыйпамыз” деп атап өтти.
Илаж даўамында студент-жаслар әскерий округинде жаратылып берилген шараятлар менен жақыннан танысты. Олар тийисли қәнигелерден өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды. Әсиресе, округ әскерлери тәрепинен таярланған мәдений илаж қатнасыўшыларға жоқары кейпият бағышлады.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлери де өзлериниң таярлаған концерт бағдарламасын инәм етти.
Азизбек Дабылов.

