Китапқумарлар клубы ағзалары Нөкис қаласындағы Арқа-Батыс әскерий округында әдебий илаж ҳәм «Темур тузуклари» китабының презентациясын өткерди.
Кешени 533-СЧР батальоны командириниң тәрбиялық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары капитан Мирзаев Кувончбек ашып берди. Кешеге китапхана баслығы Джураева Олия, топар командири капитан Ахмедов Сардор қатнасты.
Китапқумарлықты үгит-нәсиятлаўға қаратылған әдебий илаж жоқары кѳтериңки руўхта ѳтти.

Айнура Оразбаева
«Китапқумарлар клубы» жетекшиси
Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факултети 2-курс студенти.