Қурылыс ҳәм Экономика факультетлери профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары арасында Қарақалпақстан Республикасында жасаўшы миллет ҳәм елатлардыӊ этник-мәдений өзине тәнлигин сақлаўға, жәмийетте миллетлер аралық татыўлық ҳәм тынышлықты және де беккемлеўге қаратылған ушырасыў өткерилди.
Ушырысыўда Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы ассистенти И.Жоллыбекова Миллетлер аралық қатнасықлар тараўында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясаты концепциясыныӊ мазмун-әҳмийети ҳаққында кеӊ түрде баянат жасады.
Ушырасыў сораў-жуўап тәризинде өткерилип, қатнасыўшылар өзлериниӊ қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары С.Нурниязов.