«Биз жаслар диний экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресемиз»

«Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» мүнәсибети менен университетимиздиң Мәденият сарайында жаслар менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды университеттиң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры С.Алауатдинов ашып берип, ушырасыў мийманлары менен таныстырып өтти.

Ушырасыўға Нөкис қаласы Имам Ишан Мухаммед Жомий мешити имам орынбасары Қ.Турдымуратов, Республикалық руўхый – ағартыўшылық орайы қәнигеси, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр Ш.Аяпов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў басқармасының айырықша әҳмийетли ислер бойынша оператив ўәкили, подполковник А.Жамалов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў басқармасының адам саўдасына қарсы гүресиў бөлими аға оператив ўәкили, майор Н.Төрешов ҳәм усы басқарманың жетекши қәнигеси, подполковник С.Танабергеновлар катнасты.

Проректор С.Алауатдинов республикамыз басшысы ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен жасларға жаратылған имканиятлар, көплеген жеңилликлер ҳаққында айтып өтип, усы имканиятлардан толық пайдаланып, елимиз абыройын көтериўге жасларды шақырды.

 

Буннан соң сөзге Нөкис қаласы Имам Ишан Мухаммед Жомий мешити имам орынбасары Қ.Турдымуратов шығып, ҳәзирги ўақытта жаслар арасында диний мәселеде жүз берип атырған унамсыз ҳәрекетлер, бизиң менталитетимизге қарсы келетуғын жат иллетлердиң ушырасып атырғанлығы ҳәр бир мусылман инсанның кеўилин қабартатуғынлығын айтып өтип, жасларды бундай жаман иллетлерден сақланыўға шақырды ҳәм өзиниң мәсләҳәтлерин берди.

Буннан соң сөз нәўбети Республикалық руўхый – ағартыўшылық орайы қәнигеси, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр Ш.Аяповқа берилип, ол бүгин жаслар менен ушырасып турғанлығынан қуўанышлы екенлигин, биз инсанлар Алла тәрепинен жаратылған бир әжайып жаратылыс екенимизди, сол имканияттан үнемли пайдаланылып, бизге берилген өмирде жасаў деген бахыттан өз орнында, толық пайдаланыўымыз керек екенлигин айтып өтип, жыйналған жасларға руўхый мәсләҳәтлерин берди. Ҳәр бир инсан бир-биреўин қоллап-қуўатлап жасаўы керек екенлигин түсиндирди.

Ҳәзирги ўақытта жаслар арасында өзлери билмеген ҳалда ҳәр қыйлы диний шөлкемлерге араласып қалыў жағдайлары ушырасып атырғанлығы ҳаққында сөзге шыққан Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў басқармасының айырықша әҳмийетли ислер бойынша оператив ўәкили, подполковник А.Жамалов айтып өтти.

Буннан соң сөзге Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў басқармасының адам саўдасына қарсы гүресиў бөлими аға оператив ўәкили, майор Н.Төрешов ҳәм усы басқарманың жетекши қәнигеси, подполковник С.Танабергеновлар шығып сөйлеп, республикамызда терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтип, бул бойынша видеороликлер қойып берилди ҳәм жасларды бундай жаман иллетлерге кирип қалмаўына шақырды.

Мәжилис соңында жаслар келген мийманлардан өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли жуўапларын алды, өз-ара пикир алмасты. Жаслар бул ушырасыўдан өзлерине керек болған көплеген тәрбиялық үгит-нәсиятларын алды.

 

Химия-технология факультети 2-курс студенти

Нилуфар Куздибаева.

 

 

Пайдалы дереклер